Ҳәр бир ашылыў, ҳәр бир ойлап табылыў тәбияттың өзиндеги тәртип ҳәм тең салмақлықтан илҳамланған ҳәрекет еди. Тәбият инсан ушын устаз, өмир мектеби, жасаў дәреги болған.

Бирақ жаңа дәўирге келип, бул үнлеслик әсте-ақырын ҳәлсирей баслады. Илим ҳәм технология жетискенликлери адамлардың имканиятын кеңейтти. Соның менен бирге, тәбият пенен тең салмақлылықты да бузды. Бүгинги раўажланыў көп жағдайларда тәбият пенен үнлес емес, ал оған қарсы бағдарланған күшке айланбақта. Атмосфераның патасланыўы, климат өзгерислери, суў жетиспеўшилиги, шығындылар машқаласы...

Усы жерде инсаният алдында бир үлкен сораў тур: қалай етип экономикалық өсиўди тәмийинлеген ҳалда тәбийғый теңсалмақлылықты сақлап қалыў мүмкин? Бул мәселе бүгинги глобал күн тәртибиниң ең әҳмийетли мәселелеринен бирине айланды.

Излениўлер, пикирлер ҳәм тәжирийбелер процесинде инсаният "жасыл" экономика жолын таңламақта. Бул тек ғана жаңа экономикалық модель емес, ал пикирлеў усылындағы өзгерис, тәбият ҳәм раўажланыў арасындағы әййемги үнлесликти тиклеўге қаратылған ҳәрекет болып есапланады. Бул жол инсанның өзин тәбияттың бир бөлеги сыпатында аңлаў, оның ресурсларына жуўапкершиликли ҳәм саналы қатнас жасаўды қәлиплестириўге ийтермелейди.

"Жасыл" экономика қайта тикленетуғын энергия дәреклери ямаса экология ҳаққындағы түсиник емес, ал инсанның дүньяға көзқарасы, санасы, мәденияты ҳәм жуўапкершилигиниң жаңа басқышы болып есапланады. Бул түсиник инсан ҳәм тәбият қатнасықларына жаңаша қараўды талап етеди.

Инсан искерлигиниң барлық тараўында тәбият нызамлары менен үйлесимлиликти излеў, турақлы раўажланыўды руўхый қәдирият сыпатында қабыл етиў деген сөз. Бул жолда экономикалық өсиў тәбият пенен қарама-қарсылықта емес, ал оның нызамлықлары менен үнлес болыўы керек. Себеби, раўажланыў санлар, статистика ямаса экономикалық көрсеткишлерде емес, ал аспан тазалығы, суўдың тазалығын сақлаў, топырақтың өнимдарлығын қорғаў ҳәм инсанның руўхый тынышлығында да көринеди.

"Жасыл" экономика инсанды тутыныўшы емес, ал дөретиўши, тәбияттың шериги сыпатында көреди. Бул мүнәсибет орайында пайда емес, ал өмирдиң даўамлылығы турады. Сонлықтан, "жасыл" экономика тек ғана экономикалық стратегия емес, ал жаңа цивилизациялық сана, жаңа мәденияттың басланғыш ноқаты болып есапланады.

Глобал стратегиялық бағдар

Бүгинги глобал экономикада "жасыл" энергетика ҳәм экологиялық турақлылық жаңа стратегиялық бағдар сыпатында көринбекте. Бул бағдар тек ғана экономикалық реформалардың өзегин емес, ал пүткил дүнья санасын өзгертип атыр. Инсаният енди тәбиятты пайда дереги сыпатында емес, керисинше тиришиликтиң бирден-бир тийкары сыпатында көре баслады.

БМШ мағлыўматларына бола, 2024-жылдың ақырына келип, дүнья бойынша "жасыл" экономикаға бағдарланған инвестициялардың баҳасы 2,3 триллион доллардан асты. Бул цифр экономикалық искерликтиң көлеми менен бирге мазмунын да өзгерттирди - капитал енди тәбиятқа қарсы емес, ал оны сақлаў, тиклеў ҳәм қорғаўға бағдарланбақта.

Мәселен, Қытайдағы Тайшан таўларының жанында қурылған үлкен қуяш фермасы жылына 300 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарады. Бул 150 мыңнан аслам шаңарақты таза, қайта тикленетуғын энергия менен тәмийинлейди. Бундай жойбарлар экономикалық нәтийжелиликти арттырыў менен бирге инсанның тәбият пенен үнлес турмысқа қәдем таслап атырғанын көрсетеди.

Дүнья энергетикасындағы бул өзгерислер келешек көринисин белгилемекте: таза, шексиз ҳәм экономикалық жақтан нәтийжели энергия системасы қурылмақта. Бул процессте ең әҳмийетли жетискенлик - инсан санасының өзгериўи, яғный пайданы емес, теңсалмақлылықты, тутыныўды емес, турақлылықты мақсет сыпатында көре баслағаны болып есапланады.

Әмелий көринис ҳәм миллий стратегия

Өзбекстан да бул глобал өзгерислер тийкарында турақлы раўажланыўдың "жасыл" моделине избе-из қәдем қоймақта. Мәмлекетимизде экологиялық жуўапкершилик ҳәм экономикалық нәтийжелилик өз-ара үнлес өтиўи ушын системалы тийкар жаратылмақта.

2019-2030-жылларда Өзбекстан Республикасының жасыл экономикаға өтиў стратегиясы шеңбериндеги реформалар мәмлекеттиң экономикалық сиясатын жаңа басқышқа алып шықты. Бул стратегияда экономикалық өсиўди тәмийинлеў менен бирге ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм тәбийғый орталықты қорғаўды миллий раўажланыў моделиниң ажыралмас бөлегине айландырыў нәзерде тутылған.

2023-жылы "Энергетика реформалары ушын инновациялық углерод ресурсларын қолланыў" жойбары шеңберинде энергетика системасында әҳмийетли жаңаланыўлар болды. Нәтийжеде мәмлекет бойынша 6,3 миллион тонна карбонат ангидрид орнындағы парник газиниң шығындысы қысқартылды. Бул көрсеткиш экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеў менен бирге экономиканың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғын фактор сыпатында тән алынбақта.

Қысқартылған газлер муғдарының бир бөлеги - 500 мың тонна карбонат ангидрид эквиваленти халықаралық углерод бирликлери саўдасына шығарылды. 7,5 миллион АҚШ доллары муғдарында грант қаржысы тартылды. Бул қаржы энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тикленетуғын энергия жойбарларын қаржыландырыўға қаратылды.

Соның менен бирге, ресурс үнемлеў илажлары нәтийжесинде 6,3 миллион киловатт саат электр энергиясы, 82 мың метр куб суў ҳәм 1 мың 50 тонна шийки зат үнемленди. Бул көрсеткишлер мәмлекеттиң жалпы ишки өнимине қосымша экономикалық нәтийже сыпатында көринис берип, жыллық есапта 40-50 миллион долларлық пайда келтириўи күтилмекте.

Бундай нәтийжелер Өзбекстанның "жасыл" экономика принциплерин тек теориялық ямаса ҳуқықый жақтан емес, ал әмелий механизмлер арқалы турмысқа енгизиўге кирискенин тастыйықлайды.

Турақлы раўажланыў тийкары

Соңғы жылларда мәмлекетимиз санаат ҳәм инфраструктура тараўларында да экологиялық мәденият жаңа басқышқа көтерилмекте. Бул өзгерислер техникалық модернизация менен үнлес тәризде пикирлеўдиң жаңаланыўы, өндирис мәдениятында жуўапкершилик ҳәм турақлылық принциплери қарар таўып атырғанынан дәрек береди.

Бир ғана мысал: кейинги ўақытта ири цемент ҳәм металлургия кәрханаларының 140ында заманагөй шаң-газ тазалаў үскенелери орнатылды. Бул илажлар атмосфера ҳаўасын қорғаў менен бир қатарда, өндирис процесин халықаралық экологиялық стандартларға бейимлестириў, экспорт потенциалын арттырыўға да хызмет етпекте. Соның менен бирге, санаат кәрханалары өз аймағында ҳәм тутас майданларда "жасыл белбеў"лер қурмақта.

2024-жылдың бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде 11,8 миллион түп терек ҳәм пута нәли егилип, мәмлекетлик тоғай қорының пайдаланылмай атырған 7000 гектар жери өзлестирилди. Бул ҳәрекет тәбиятты тиклеў менен бирге агроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеўге де хызмет етпекте. Ҳәр бир терек кислород дәреги болыў менен бирге климат турақлылығының экономикалық кепили болып есапланады.

Аспандай тынық

"Жасыл" экономиканы раўажландырыў нәтийжесинде мийнет базарында жаңа бағдарлар пайда болмақта. Халықаралық мийнет шөлкеминиң мағлыўматларына бола, "жасыл" экономикаға избе-из өтиў нәтийжесинде Өзбекстанда 2030-жылға шекем кеминде 200 мыңға шамалас жаңа жумыс орны ашылады.

Бул жаңа тараўлар - қайта тиклениўши энергия инженерлиги, экологиялық аудит, "жасыл" қурылыс, энергия нәтийжелилиги, ресурс үнемлеўши технологиялар сыяқлы бағдарларда қәнигелерге талапты кескин арттырмақта. Нәтийжеде билимлендириў системасында да жаңа факультетлер, илимий-изертлеў орайлары ҳәм кәсиплик стандартлар қәлиплеспекте.

Солай етип, "жасыл" экономика тек ғана экономикалық сиясаттың бағдары емес, ал пүткил жәмийетлик турмыстың жаңа мәдениятына айланып бармақта. Бунда турақлылық, жуўапкершилик ҳәм тәбийғый теңсалмақлық түсиниклери инсан искерлигиниң тийкарғы қәдириятына айланбақта.

Әлбетте, бул жол қурамалы ҳәм узақ мүддетли процесс. Атмосфера патасланыўы, шығындыларды қайта ислеў системасының жетерли дәрежеде қәлиплеспегенлиги, санаатта энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў пәтиниң еле талап дәрежесине жетпегенлиги бүгинги реал машқалалар болып есапланады.

Халықаралық тәжирийбе "жасыл" қаржы системасы, яғный экологиялық жойбарларды инвестиция менен қоллап-қуўатлаў механизмлери тараўдың тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши, драйверине айланып атырғанын көрсетпекте. Бул бағдарда Өзбекстанда да белгили жумыслар исленбекте. Соның ишинде, "жасыл" облигациялар базары, экологиялық фондлар ҳәм жеңиллетилген кредит бағдарламалары жаратылмақта. Бул экономикалық реформалар энергия нәтийжелилигин арттырыў арқалы жәмийеттиң санасын жаңалаў, инсанның тәбиятқа қатнасын руўхый қәдирият дәрежесине көтериўге хызмет етпекте.

Бүгин елимиз таңлаған раўажланыў жолында инсан қәдири, мийнеттиң қәдири ҳәм тәбият пенен үнлеслик тийкарғы әҳмийетке ийе. Себеби раўажланыў санларда емес, ал тынышлықта, балалар дем алып атырған ҳаўаның тазалығында көринеди.

Жер инсан қолы менен қурылып атырған имаратлардан да әййемги ҳәм турақлы. Егер адамзат оны қәстерлеп сақласа, тәбият та оған турақлы турмыс, таза ҳаўа ҳәм саламат келешекти инам етеди.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы