Оған бола, "Таза қоллар" бағдарламасы шеңберинде денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў шөлкемлери санитариялық-гигиеналық қураллар менен жетерли муғдарда тәмийинленеди, ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм санитариялық-гигиеналық объектлер (ҳәжетхана) инфраструктурасы жақсыланып, олар имараттың ишки бөлегинде жайластырылады, сондай-ақ, халық, соның ишинде, балалар арасында жеке гигиена әдетлерин қәлиплестириў ҳәм оған әмел етиў бойынша үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылады.
"Таза қоллар" бағдарламасы тек ғана бүгинги күн емес, ал келешек әўладлардың саламатлығы ушын да әҳмийетли баслама болды. Хош, бул бағдарламаның тийкарғы мәниси ҳәм оның жәмийетимиз саламатлығы жолындағы пайдасы нелерден ибарат? Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитети баслығының биринши орынбасары Нурмат ОТАБЕКОВ пенен сәўбетимиз усы темада болды.
- Май айынан баслап кең көлемде әмелге асырыла баслаған "Таза қоллар" бағдарламасы жәмийетшиликте қызығыўшылық оятпақта. Бәринен бурын, оның тийкарғы идеялары, гөзленген мақсетлери ҳәм жәмийетимиз турмысындағы узақ мүддетли әҳмийети ҳаққында толығырақ мағлыўмат берсеңиз?
- "Таза қоллар" бағдарламасы тек ғана ўақытша илаж емес, ал Президентимиздиң усы жыл 30-январьдағы пәрманы менен тастыйықланған "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген турмыслық әҳмийетли бағдар болып есапланады. Оның бас идеясы халық, әсиресе, өсип киятырған жас әўладтың сапалы санитариялық-гигиеналық қураллар ҳәм шараятлардан пайдаланыў имканиятын түп-тийкарынан кеңейтиўден ибарат. Бул арқалы жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыў, жәмийетте жоқары санитариялық мәдениятты қәлиплестириў ҳәм нәтийжеде халқымыз ушын саламат турмыс, қәўипсиз мийнет ҳәм мазмунлы дем алыў ушын ең қолайлы шараятларды жаратыў нәзерде тутылған. Бул миллет саламатлығы ҳәм келешеги жолындағы әҳмийетли руўхый инвестициялардан бири болып есапланады.
- "Таза қоллар" бағдарламасының "Өзбекстан - 2030" стратегиясы сыяқлы кең көлемли мәмлекетлик ҳүжжетке айрықша бағдар сыпатында киргизилиўиниң фундаменталлық себеплери неде, деп ойлайсыз?
- Бул қарардың тийкарында халықтың саламатлығын ҳәр тәреплеме қорғаў мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы, қол қатылмас ҳәм турақлы бағдары екени жатыр. Медицинада әлле қашан өз дәлилин тапқан бир ҳақыйқат бар - көплеген аўыр жуқпалы кеселликлер, тилекке қарсы, мине усы тазалыққа әмел етилмеген, жуўылмаған қоллар арқалы жуғады. Президентимиздиң басшылығында жақында болып өткен видеоселектор мәжилисинде де жуқпалы кеселликлердиң 35-40 проценти әпиўайы гигиена қағыйдаларына әмел етпеў ақыбетинде жүзеге келип атырғаны көрсетип өтилди. Усы санлардың өзи-ақ "Таза қоллар" бағдарламасының қаншелли әҳмийетли, кешиктирип болмайтуғын ҳәм оғада зәрүр екенин айқын көрсетеди.
Соның өзинен-ақ бул тек ғана күнделикли гигиена мәселеси емес, ал миллет генофондын қәстерлеп сақлаў, физикалық ҳәм руўхый саламат әўладты тәрбиялаўдай уллы мақсетлерге хызмет ететуғын, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына тиккелей тәсир көрсететуғын ўазыйпа екени аңланады.
- Бағдарламаны әмелге асырыў процесинде социаллық тараў объектлери, атап айтқанда, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелерине қандай анық, жаңаланған талаплар қойылмақта ҳәм бул бағдарда қандай көринистеги әмелий илажлар комплекси нәзерде тутылмақта?
- Ҳәр бир социаллық тараў мәкемесинде - ол шетки аўылдағы мектеп болсын, пайтахттағы бақша, заманагөй емлеўхана ямаса абырайлы жоқары оқыў орнында болсын - ҳәр бир инсан ушын мүнәсип, қәўипсиз ҳәм заманагөй санитариялық-гигиеналық шараятлар жаратылыўы шәрт ҳәм зәрүр. Бул бағдарда барлық қол жуўыў орынлары сапалы, сертификатланған гигиена қураллары (суйық сабын, антисептиклер, бир мәртелик сүлгилер) менен үзликсиз ҳәм жетерли муғдарда тәмийинленеди. Шараяты салыстырмалы аўыр болған 126 мектепте ески, талапқа жуўап бермейтуғын ҳәжетханалар имарат ишине өткерилип, барлық қолайлықларға ийе жаңалары қурылады ямаса барлары түп-тийкарынан, заманагөй жойбарлар тийкарында оңланады. 6 мыңнан аслам мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде ыссы суў менен үзликсиз тәмийинлеўди жолға қойыў мақсетинде нәтийжели гелио коллекторлар, суў тәмийнатында машқалалары болған 4 мыңнан аслам социаллық мәкемеде болса жетерли көлемдеги суў резерви ыдыслары (баклар) орнатылады.
Әне усы мақсетлер ушын быйылғы жылдың өзинде мәмлекетлик бюджеттен 780 миллиард сум ажыратылмақта. Бул болса усы мәселеге айрықша итибардың айқын дәлили болып есапланады.
Буннан былай жаңадан қурылып атырған барлық социаллық объектлерде санитариялық-гигиеналық ханалар мәжбүрий тәртипте имараттың ишки бөлегинде, халықаралық стандартларға муўапық жойбарластырылады ҳәм қурылады. Булардың барлығы халқымыздың саламатлығын беккемлеўге ҳәм турмыс тәризин арттырыўға хызмет етеди.
- Хызмет көрсетиўши субъектлер, мәселен, улыўма аўқатланыў орынлары, базарлар ямаса халық көп жыйналатуғын басқа да жәмийетлик орынлар ушын "Таза қоллар" бағдарламасы қандай анық миннетлемелер ҳәм жуўапкершиликлерди жүклейди?
- Бәринен бурын, барлық аймақлардағы билимлендириў мәкемелериндеги санитариялық-гигиеналық орынлары толық хатлаўдан өткериледи, санитариялық ҳәм қала қурылысы нормалары және гигиеналық қағыйдаларға муўапықлығы баҳаланады. Бул хатлаў арнаўлы акт тийкарында рәсмийлестириледи ҳәм нәтийжелерге бола, ҳәр бир санитариялық-гигиеналық шақапша үлгили, қанаатландырарлы ямаса қанаатландырарсыз, деп баҳаланады. Баҳалаў нәтийжесинен келип шығып, қанаатландырарсыз деп табылған санитариялық-гигиеналық шақапшаларды санитариялық талапларға толық сәйкеслендириў илажлары белгиленеди. Бул процессте билимлендириў мәкемелери ушын бейимлестирилген арнаўлы гигиена бағдарламасы ислеп шығылады ҳәм оның күнделикли қадағалаўы күшейтиледи. Бул бағдарламаның өз ўақтында толық әмелге асырылыўы ушын мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи аймақлық бөлимлери және билимлендириў мәкемелериниң басшылары жеке жуўапкер екенлиги белгиленеди.
Сондай-ақ, барлық түрдеги жәмийетлик санитариялық-гигиеналық шақапшалар ҳәм улыўма аўқатланыў шөлкемлерин санитариялық-гигиеналық қураллар менен тәмийинлеў бойынша миннетлемелер енгизиледи.
- Бундай кең көлемли қәрежетлерди талап ететуғын басламаны қаржыландырыў дәреклери ҳаққында да анығырақ тоқтап өтсеңиз.
- "Таза қоллар" бағдарламасының турақлы ҳәм үзликсиз финанслық тийкары, биринши гезекте, мәмлекетлик бюджет болып есапланады. Экономика ҳәм қаржы министрлигине бағдарлама шеңбериндеги илажлар ушын, анықланған зәрүрлик ҳәм тийкарланған есап-санақларға муўапық, жыл даўамында қосымша қаржы ажыратып барыў ўазыйпасы жүкленди. Бул соны аңлатады, бағдарламаның орынланыўында финанслық тәмийнатта үзилислерге жол қойылмайды. Ең әҳмийетлиси, ажыратылған қаржының анық мақсетке бағдарланыўы ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен ең қатаң мәмлекетлик ҳәм ашық-айдын жәмийетлик қадағалаў орнатылады.
- Бағдарламаның нәтийжели орынланыўында Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң тутқан орны ҳәм оған жүкленген тийкарғы ўәкиллик және миннетлемелер нелерден ибарат?
- Бағдарламаны әмелге асырыўда комитетке бир ай мүддетте усы мәкемелерде санитариялық-гигиеналық жағдайды сақлаў ушын қаржы ажыратыў нормативлерин қайта көрип шығыў ҳәм олардың әмелде орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў тапсырылды.
Денсаўлықты сақлаў, Экономика ҳәм қаржы, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи және Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрликлерине усы жылы 1-августқа шекем Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм БМШ экспертлерин тартқан ҳалда барлық социаллық тараў мәкемелеринде, соның ишинде, улыўма аўқатланыў орынлары ҳәм ўәлаятлараралық автомобиль жоллары бойындағы санитариялық-гигиеналық шақапшаларда санитариялық-гигиеналық системаны жақсылаў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм ҳүкиметке киргизиў ўазыйпасы қойылды.
- "Таза қоллар" басламасының соңғы табысында кең жәмийетшилик, яғный ҳәр бир пуқара, шаңарақ, мәҳәлле ҳәм билимлендириў дәргайларының белсене қатнасыўы қаншелли әҳмийетли ҳәм бул бағдарда анық нелерге айрықша итибар қаратыў, қайсы тәреплерди күшейтиў зәрүр, деп есаплайсыз?
- Бул бағдарламаның шын мәнисиндеги табысы ҳәр бир пуқараның процесске саналы, шын кеўилден ҳәм белсене қатнасыўына, "бул мениң де инсан сыпатындағы жуўапкершилигим", деген жоқары жуўапкершилик сезими менен тиккелей байланыслы. Ҳәр бир инсан жеке тазалығы тек ғана өзиниң емес, ал пүткил шаңарағы, перзентлери ҳәм әтирапындағылардың саламатлығы ушын қаншелли әҳмийетли екенин терең аңлаўы, оны күнделикли, ажыралмас әдетине айландырыўы шәрт.
Шаңарақта ата-аналар перзентлерине жаслығынан баслап жеке гигиена қағыйдаларын, әсиресе, қол жуўыў мәдениятын сабыр-тақат, беккем ерк-ықрар менен сиңдириўи керек. Билимлендириў мәкемелеринде болса тренерлер ҳәм оқытыўшылар "Таза қоллар" принципин, яғный аўқатланыўдан алдын, ҳәжетханадан кейин, сырттан келгенде ҳәм басқа барлық зәрүр жағдайларда қолды әлбетте сабынлап, ағын суўда кеминде 20-30 секунд даўамында жуўыў турмыслық зәрүрлик ҳәм мәденият белгиси екенлиги оқыўшылардың санасына терең кирип барыўын тәмийинлеўи керек. Бул тек ғана мәмлекетлик уйымлардың ўазыйпасы емес, ал пүткил жәмийеттиң, ҳәр биримиздиң улыўма жумысымыз, миннетимиз болыўы керек.
Тазалық ҳәм саламатлық мәденияты ҳәр бир шаңарақтан, ҳәр бир инсанның өзинен басланады. Мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, ғалаба хабар қураллары да бул бағдарда мүнәсип үлес қосыўы керек. Усындай аўызбиршиликте, бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етип ғана биз саламат, бәркамал ҳәм абадан келешекти қурыўымыз мүмкин.
Сәўбетлескен:
Жонибек АЛИЖОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы