Ол тек ғана жаңа өндирис қуўатлықларын қурыў емес, ал заманагөй технологиялар кирип келиўи, алдынғы тәжирийбе ҳәм инновациялық шешимлер енгизилиўи, сол арқалы мыңлаған жаңа жумыс орны ашылыўына хызмет етеди. Бул процессте ең әҳмийетли факторлардан бири жаңа технологияларда ислей алатуғын, кәсиплик көнликпе ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысының Бостанлықта муғаллимлер ҳәм устазлар менен сөйлесиўинде әне усы мәселеге айрықша итибар берилди. Атап айтқанда, жаслар заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеп, турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўы ушын барлық зәрүр шараят жаратыў, билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиўде енди техникумларда да кадрлар инвесторлардың буйыртпасы тийкарында таярланатуғыны атап өтилди. Инвестордың сораўына тийкарланып техникумдағы билимлендириў бағдарламаларын 30 процентке шекем өзгертиў мүмкин. Ҳәзирги ўақытта мийнет базарында ашылып атырған жумыс орынларының 70 проценттен асламы жеке меншик сектордың үлесине туўра келмекте. Яғный жумыс орынларының тийкарғы бөлеги исбилерменлик, санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында ашылып атыр. Усы жағынан елимизде кадрлар таярлаў системасына, атап айтқанда, техникумларға итибар қаратылып атырғаны дыққатқа ылайық. Ең әҳмийетлиси, билимлендириўдиң мазмуны мийнет базары талапларына сәйкес түрде өзгерип турады. Мәселен, бир аймақта санаат ямаса хызмет көрсетиў тараўы кеңнен раўажланып атырған болса, сол жердеги техникумлардың оқыў бағдарламасы да соған жараса жетилистириледи. Бул болса питкериўшилердиң жумыс пенен тәмийинлениў имканиятын кескин кеңейтеди.
Усы мақсетте жоқары билимлендириў системасында тастыйықланған үлги бағдарламалардың белгили бир бөлеги жумыс бериўшиниң талаплары тийкарында қайта көрип шығылыўы мүмкин. Яғный оқыў бағдарламаларына заманагөй технологиялар ҳәм анық тараўлық билимлер интеграцияланып, студентлер улыўма теориялық билим менен бирге әмелиятта пайдалы болатуғын компетенцияларға ийе болады. Әсиресе, дуал тәлим бағдарламалары бул процессте үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бундай бағдарламалар жумыс бериўши менен тиккелей биргеликте ислеп шығылады. Оқыўшылардың теориялық таярлығы жумыс орнындағы әмелий тәжирийбе менен үнлеседи.
Қысқаша етип айтқанда, техникумлардағы реформалар кадрлар таярлаўдың мазмун-мәнисин түп-тийкарынан жаңалап, жумыс бериўшиниң талабына сай, бәсекиге шыдамлы ҳәм заманагөй қәнигелер жетисип шығыўы ушын беккем тийкар жаратпақта.
- Буннан тысқары, бир жылда 100 техникумда Германия, Швейцария, Қытай, Қубла Корея, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлердиң билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесиў жолға қойылады. Олардың ең алдынғы кәсиплик билимлендириў бағдарламалары енгизиледи, - деди Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги кәсиплик билимлендириў департаментиниң баслығы Шайхназар Шарофиддинов. - Сондай-ақ, кәсиплик көнликпеге ийе қәлеген талабан бул техникумларда сырт мәмлекетлердиң маманлықты баҳалаў системасы арқалы имтиханнан өтип, халықаралық сертификат алыўы мүмкин.
Техникумларда "инвестор - тармақ - техникум" шынжыры тийкарында ҳәр бир жойбар бойынша дуал билимлендириў жолға қойылатуғыны да итибарға ылайық. Оқыў процеси ҳәм өндиристи үйлестиретуғын бул билимлендириў системасы оқыўшылардың теориялық билимлерин әмелиятта беккемлеў, кәрханалардың өз талабына сай қәнигелерди таярлаўда үлкен әҳмийетке ийе болып келмекте.
Дуал билимлендириў менен қамтып алыў 5 есеге арттырылыўы күтилмекте. Бирге ислесиўши кәрханаларға 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылады. Дуал билимлендириў арқалы ислеп атырған оқыўшылар ушын бирден-бир социаллық төлем еки есеге қысқартылады. Бул арқалы оқыўшы кәсиплик көнликпеге ийе болып барады.
Кейинги жылларда жоқары ҳәм профессионал билимлендириўге қабыллаў көрсеткиши артты. Сондай-ақ, жаслар арасында кәсиплик билим алыўға умтылыў күшеймекте. Ата-аналар да кәсиплик билимлендириўдиң әҳмийетин түсинип жеткен. Яғный перзентиниң оқыў даўамында белгили бир кәсипти ийелеўин жүдә қәлейди.
- Негизинде кәсиплик билимлендириў системасының имканияты кең, - дейди Шайхназар Шарафиддинов. - Бүгинги күнде 598 профессионал билимлендириў шөлкеми болып, олардың потенциалы жүдә жоқары. Система бир сменада ислесе, 450 мың, еки сменада болса 750-800 мың оқыўшыны қамтып алыўы мүмкин. Соның менен бирге, кәсиплик билимлендириўде нәтийжелиликти және де арттырыў ушын шешилиўи зәрүр болған мәселелер де жоқ емес. Мысалы, оқыўшыларды таңлап алыў, қызығыўшылығы, қәбилети ҳәм умтылысынан келип шығып, дурыс бағдарлаў системасын жетилистириў зәрүрлиги бар. Бул бағдарда заманагөй механизмлерди енгизиў арқалы питкериўшилердиң мийнет базарындағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мүмкин.
Мәмлекетимиз басшысы шет тиллерин оқытыў мәселесине де айрықша тоқтап өтти. Атап өтилгениндей, бүгин халықаралық мийнет базарында 70 мыңнан аслам кәсип бойынша бос орынлар бар. Оларды толықтырыўда болса кәсип пенен бирге шет тиллерди билиў де шешиўши әҳмийетке ийе. Бирақ жасларымыздың тил билмеўи ҳәм системада халықаралық билимлендириў бағдарламаларының жетерли дәрежеде енгизилмегени усы талапты қанаатландырыўға тосқынлық етпекте. Сонлықтан, халықаралық билимлендириў бағдарламаларын басқышпа-басқыш кеңейтиў, шет тиллерин оқытыўды нәтийжели шөлкемлестириў, бул бағдарда волонтёр ҳәм тәжирийбели қәнигелерди тартыў ўазыйпалары белгилеп берилди.
Мәмлекетимизде кәсиплик билимлендириў ҳәм кәсипке оқытыў менен шуғылланыўшы шөлкемлер оғада көп. Бирақ олардың ҳәр бири өзине тән көзқарас пенен жумыс алып барады. Нәтийжеде мийнет базарына белгили бир кәсип бойынша зәрүр маманлыққа ийе болмаған қәнигелер кирип келиў итималы артып бармақта. Бул жағдайдың ақыбетлери ишки мийнет базарында да сезилмекте. Сонлықтан, кәсиплик билимлендириў тараўында бирден-бир стандартларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў тек ғана оқыў процесиниң нәтийжелилигин арттырыў емес, ал мийнет базары ушын ҳақыйқый бәсекиге шыдамлы қәнигелер таярлаўға хызмет етеди. Бул халықаралық мийнет базарына шығыўда да қолайлы болады. Кәсиплик билимлендириў агентлигиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм оның алдына 598 техникумда халықаралық стандартларды енгизиў ўазыйпасы қойылды. Бул, бәринен бурын, кәсиплик билимлендириўдиң сапасы артыўына, питкериўшилер сапалы қәнигелер болып шығыўына хызмет етеди.
Халықаралық мийнет базарында елимизде таярланып атырған қәнигелердиң маманлығы толық тән алыныўы, оларға мүнәсип мийнет ҳақы белгилениўи ушын кәсиплик билимлендириў системасы тутас ҳәм сапа стандартларына тийкарланған болыўы зәрүр. Бул процесс, бәринен бурын, кадрлар таярлаўда бирден-бир қатнас жасаўды тәмийинлейди. Екиншиден, питкериўшилердиң халықаралық талапларға сәйкес билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўын кепиллейди. Усы мәнисте, шет тиллерин үйретиў, заманагөй кәсиплерге бағдарлаў ҳәм бәсекиге шыдамлы маманлықты қәлиплестириўге тийкарғы әҳмийет бериў ҳәзирги ўақытта әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Буннан тысқары, баҳалаў процесин нәтийжели халықаралық нормалар тийкарында шөлкемлестириў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби объектив ҳәм ашық-айдын баҳалаў арқалы қәнигелердиң маманлығы халықаралық майданда тән алынады, бул болса олардың жумыс бериўшилер алдындағы абырайын беккемлейди.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы