Бүгин Ташкент мәмлекетлик медицина университетинде ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медалларды тапсырыў мәресими болып өтти.
Сыйлықланғанлар арасында жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларында тәжирийбе арттырған жас шыпакерлер, халқымыздың саламатлығын беккемлеўге кеңнен жәрдем берип атырған сырт елли бирге ислесиўшилер бар.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде экономиканы турақлы раўажландырыў, жумыс орынларын ҳәм дәрамат дәреклерин жаратыў, жасларға заманагөй билим бериў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеўге қаратылған реформалар жеделлик пенен әмелге асырылмақта.
Нәтийжеде басланғыш буўындағы мәкемелердиң қуўатлылығы 60 процентке артып, медициналық жәрдем халыққа бираз жақынласты. Бурын тийкарынан пайтахтта әмелге асырылған 400 ден аслам жоқары технологиялық диагностика ҳәм емлеў усыллары аймақларға енгизилди. Жүзлеген қурамалы операциялар ўәлаят дәрежесинде, аз инвазивли араласыўлар районлар дәрежесинде әмелге асырыла басланды.
- Биринши мәрте 45 районда бүйрек трансплантациясы жолға қойылғаны инсан саламатлығын сақлаў бағдарындағы әмелий жумысларымыздың айқын көриниси, - деди Президент. - Елимизде жасаўдың даўамлылығы ер адамларда 71 жастан 73 жасқа, ҳаял-қызларда 76 жастан 77,5 жасқа көбейди. Бул - биргеликте ерискен үлкен табысымыз. Бул ийгиликли жумысларда 600 мыңнан аслам жанкүйер денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң мүнәсип үлеси бар.
Президентимиз мәмлекетлик сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырып, сыйлықланғанларды пүткил халқымыз атынан қутлықлады.









