Медицина ҳәм фармацевтика тараўларындағы реформалардың барысы ҳәм келеси режелер көрип шығылды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-ноябрь күни сийрек ушырасатуғын (орфан) кеселликлерге шалынған балаларға медициналық жәрдем көрсетиўди жақсылаў, фармацевтика тараўындағы реформалардың барысы ҳәм жаңа жойбарлардың орынланыўына байланыслы презентация менен танысты.

    Мәмлекетимизде нәсиллик ҳәм туўма кеселликлердиң алдын алыў, кем ушырайтуғын (орфан) кеселликлерге шалынған балаларға өз ўақтында диагноз қойыў ҳәм емлеўге қаратылған илажлар избе-из әмелге асырылмақта.

    Бүгинги күнде 5 түрдеги орфан ҳәм нәсиллик-генетикалық кеселликлерге шатылған 2 174 бала мәмлекетлик бюджет есабынан бийпул диагноз қойыў, дәри-дәрмақ ҳәм қәнигелестирилген емлеў аўқатлары менен тәмийинленбекте.

    Диагностика сапасының жақсыланыўы нәтийжесинде орфан кеселликлердиң жаңа түрлери анықланып, емлениў ҳәм жәрдемге мүтәж балалардың саны артпақта.

    Презентацияда сийрек ушырасатуғын ҳәм басқа да нәсиллик-генетикалық кеселликлери бар балаларға медициналық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиўди шөлкемлестириўге қаратылған 2026-2030-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы ҳаққында мағлыўмат берилди.

    Бағдарламаға муўапық, мәмлекет есабынан емленетуғын кеселликлер саны 5 тен 10 ға, жас шегарасы 18 ден 21 ге шекем арттырылады.

    Бағдарламаны 2026-2030-жылларда әмелге асырыў ушын 961 миллиард сум қаратыў режелестирилген.

    Мәмлекетимиз басшысы тийисли қарарға қол қойып, бағдарламаны тастыйықлады.

    Президентимизге фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў, инвестицияларды тартыў, “Tashkent Pharma Park” фармацевтика кластериниң санаат зонасында жойбарларды әмелге асырыў, дәри-дәрмақлардың сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

    Тараў кәрханалары тәрепинен 5 триллион сумлық өним ислеп шығарылып, 172 миллион долларлық экспорт етилген, 286 миллион доллар инвестиция өзлестирилген, соннан 257 миллионы сырт ел инвестициялары болып есапланады.

    35 жергиликли компания 205 түрдеги дәри-дәрмақ ислеп шығарыўды өзлестирди, экспорт етиўши мәмлекетлердиң саны 55 ке жетти. Усы жылы улыўма баҳасы 29 миллион долларлық 16 жойбар иске қосылып, 830 жаңа жумыс орны жаратылған.

    Сапа ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде 61 кәрханада GMP, 486 дистрибюторлық қоймаханада GDP, 9 мың 450 дәриханада GPP стандарты енгизилген.

    Презентацияда импорт препаратлардың референт баҳаларын қәлиплестириўде манипуляциялардың алдын алыў илажлары да көрип шығылды.

    Ҳәзирги күнде импорт етилип атырған 7,6 мың түрдеги дәри-дәрмақлардың 4,9 мыңы референт мәмлекетлердиң баҳа реестрлерине киргизилмеген.

    Усыныс етилген илажларға бола, 2026-жыл 1-январьдан баслап 2,6 мың рецепт пенен таярланатуғын дәри-дәрмақлардың орташа баҳасы 40-50 процентке төменлеўи күтилмекте.

    Фармацевтика өнимлерин мәмлекетлик сатып алыў механизмлерин жетилистириў мәселелери де көрип шығылды. Сапасыз товарларды сатып алыў ҳәм коррупциялық факторларды сапластырыў мақсетинде барлық сатып алыўлар farma.xarid.uz арнаўлы электрон платформасы арқалы әмелге асырылады.

    Бул система иске қосылғаннан соң, мәмлекетлик сатып алыўларда тек ғана барлық зәрүр сертификатларға (GMP, ISO:13485 GDP) ийе ислеп шығарыўшылар, дистрибюторлар ҳәм жеткерип бериўшилер қатнасыўы мүмкин болады.

    Мәмлекетлик сатып алыўлардың көлеми, сертификатланған ислеп шығарыўшы ҳәм тарқатыўшылардың реестрлери халық ушын ашық болады.

    Системада сатып алынатуғын дәри-дәрмақлардың баҳасы белгиленген референт дәрежеден артып кетпеўи автоматластырылған түрде тексериледи.

    Мәмлекетимиз басшысы 2026-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик медицина мәкемелериниң дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелерге болған талабын қәлиплестириў, қалдықларды нәтийжели басқарыў бойынша арнаўлы платформа ислеп шығыўды тапсырды.

    Президентке дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды мәмлекетлик дизимнен өткериўдиң жаңа тәртиби ҳаққында да мағлыўмат берилди.

    Жаңа механизм технологиялар трансфери тийкарында өндиристи жолға қойыўды нәзерде тутады, бул сырт елли фармацевтика компанияларына жергиликли ислеп шығарыўшылардың қуўатлылықларынан пайдаланған ҳалда өним ислеп шығарыў ҳәм тезлестирилген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өтиў имканиятын береди.

    Зыянланған тоқымаларды емлеў, айырым ағзаларды өсириў ҳәм организмниң функционал имканиятларын тиклеўге мөлшерленген жаңа түрдеги биотехнологиялық клеткалық препаратларды медициналық әмелиятқа енгизиў ушын шараятлар жаратылмақта.

    Женериклердиң клиникалық сынақлары ҳәм нәтийжелерин баҳалаў халықаралық стандартлар тийкарында өткериледи, бундай препаратларды дизимнен өткериў мүддетлери қысқарады. Биринши қәўипсизлик класына киретуғын медициналық буйымлар (стерил, өлшеў ҳәм инвазив буйымлардан тысқары) лабораториялық ҳәм клиникалық тексериўлерден азат етиледи.

    Президент Шавкат Мирзиёев усынысларды мақуллап, 2025-жылдың ақырына шекем улыўма баҳасы 166 миллион долларлық 32 инвестициялық жойбарды толық иске қосыў, 1 мың 500 жаңа жумыс орнын жаратыў, өндирис ҳәм экспорт көлемин арттырыў, рецепт пенен таярланатуғын дәри-дәрмақлардың баҳасын арзанлатыў бойынша тапсырмалар берди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates