Сондай-ақ, министрлик тәреплерди жағдайды тыныш жол менен шешиўге ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларына әмел етиўге шақырады.

Бангкоктағы Бас консулхананың мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытта Таиланд ҳәм Камбоджада жасап атырған Өзбекстан пуқаралары арасында жәбирленгенлер дизимге алынбаған. Атап өтилиўинше, Тайландтың пайтахты ҳәм тийкарғы туризм орайларында жағдай турақлы, сырт елли туристлер ушын қәўип-қәтер жоқ.

«Соның менен бирге, пуқараларымыздан Камбоджа менен шегаралас аймақларға бармаўды, рәсмий дәреклер арқалы тарқатылып атырған мәлимлемелерди бақлап барыўды сораймыз.

Айрықша жағдайларда Бангкоктағы Бас консулханамызға төмендеги телефон номерлери арқалы мүрәжат етиў мүмкин: +66 (2) 675-3995, +66 (2) 675-3996.

Сыртқы ислер министрлиги ўатанласларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде барлық зәрүр илажларды көриўди даўам еттиреди», делинеди хабарда.