"Ташкент - Әндижан" ҳәм "Ташкент - Самарқанд" төлемли жолларының қурылысы 2025-жылы басланады. Бул ҳаққында Транспорт министри Илҳом Маҳкамов "Өзбекстан 24"ке берген интервьюинде айтып өтти.
Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, Өзбекстан Республикасы транспорт инфраструктурасын раўажландырыў шеңберинде Жәҳән банки жәрдеминде жаңа "Ташкент - Әндижан" тез жүрер автомагистралын қурыў жойбары ислеп шығылды.
Улыўма узынлығы 314 километр болған бул тез жүрер магистрал пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде Ташкенттен Әндижанға жетип барыў ўақты 5 сааттан 3 саатқа шекем қысқарады. Сондай-ақ, бул жалпы ишки өнимди 2,6 процентке арттырып, автоаварияларды 40 процентке азайтыўы мүмкин.
Сондай-ақ, "Ташкент - Ангрен - Қамчиқ өткели" участкасын қурыў жумысларын әмелге асырыў бойынша жеке меншик шерикти анықлаў бойынша усы жылдың 22-январь күни жәрияланған тендерге көплеген жетекши сырт ел компаниялары қызығыўшылық билдирмекте.
Участканың жойбарлық сыпатламасы:
1А категориясындағы 6 ҳәрекетлениў полосалы участка - 138 км.
1А категориясындағы 4 ҳәрекетлениў полосалы участка - 33 км (тоннель бөлеги)
Туннеллер саны: 10, соның ишинде ең узыны - 6,7 км.
Жойбардың әмелге асырылыўы қолайлы ҳәрекетлениў шараятларын тәмийинлейди, жол ҳәрекети қәўипсизлигин арттырады ҳәм аймақлараралық логистика процесслерин сезилерли дәрежеде жеделлестиреди.
Еслетип өтемиз, Президент Шавкат Мирзиёев 3-февраль күни ири транспорт инфраструктурасы жойбарлары бойынша есабат пенен танысқан еди.





