"Ташкент-Андижан" төлемли автомобиль жолының қурылысының биринши басқышы тастыйықланды

    23 қаңтар 2025 690

    Жойбардың 1-басқышы улыўма узынлығы 171 км ди қурайды ҳәм Ташкенттен Ангренге шекемги автомобиль жолы ҳәм Қамшық өткелин жойбарлаў, қурыў, қаржыландырыў, басқарыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиўди өз ишине алады.

    "Ташкент-Әндижан" (1-басқыш) төлемли автомобиль жолын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жойбарлаў, қурыў, қаржыландырыў, басқарыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў жойбарын ("Жойбар") әмелге асырыў режелестирилмекте.

    Бул ҳаққында Транспорт министрлигиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, бул жойбардың 1-басқышы улыўма узынлығы 171 км ди қурайды ҳәм Ташкенттен Ангренге шекемги автомобиль жолы ҳәм Қамшық өткелин жойбарлаў, қурыў, қаржыландырыў, басқарыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиўди өз ишине алады. Жойбардың концепциясы Министрлер Кабинети тәрепинен 2025-жыл 21-январьда тастыйықланды.

    Жәҳән банки жәрдеминде «Arup and Partnerʼs» (Уллы Британия), «PWC» ҳәм «CMS Cameron» (Уллы Британия) консультантлар консорциумы Ҳүкимет тәрепинен жеке меншик шерикти таңлаўға жәрдемлесиў ушын Жойбардың мәсләҳәтшиси сыпатында тартылған.

    Ҳүкимет тендерде жеңимпаз болған қатнасыўшыны таңлаў тийкарында таңлап алыў ҳәм узақ мүддетли МЖШ келисимине қол қойыўды режелестирмекте. Тендер МЖШ ҳаққындағы Нызамға муўапық еки басқышта өткериледи:

    Биринши басқышта жеке меншик компаниялар дәслепки қәнигеликтен өтиў ушын ҳүжжетлерин тапсырады.

    Екинши басқышта дәслепки таңлаўдан өткен компаниялар Жойбар бойынша техникалық ҳәм финанслық усынысларын усынады.

    Автомобиль жоллары комитети жол қурылысы тараўында МЖШ жойбарларында тәжирийбеге ие болған барлық қызығыўшыларды 2025-жыл 21-апрель күни, Ташкент ўақты менен саат 18:00 ге шекем дәслепки маманлық таңлаў басқышы ушын ҳүжжетлерин тапсырыўға мирәт етеди.

    Арза тапсырыў бойынша көрсетпелер ҳәм маманлық талаплары ҳаққында толық мағлыўмат алыў ушын дәслепки маманлық сораўы (РФҚ) ҳүжжетине мүрәжат етиң. РФҚ ҳүжжети усы беттиң ақырында қосымша етиледи ҳәм сораў бойынша да жиберилиўи мүмкин.

    Жойбар мағлыўматлар базасына кириў (VDR), дәслепки маманлық ҳүжжетлерин тапсырыў ҳәм де Жойбар ҳәм РФҚ бойынша ҳәр қандай анықлық киргизиў ушын төмендеги байланыс мағлыўматлары арқалы "Автомобиль жоллары комитети" ҳәм «Arup and Partnerʼs» (Уллы Британия), «PWC» (Өзбекстан) ҳәм «CMS Cameron» (Уллы Британия) консультантлар консорциумы менен байланыс жасаң.