"Ташкент-Исламабад" жөнелисиндеги ҳаўа қатнаўы 2021-жылы Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылған Орайлық ҳәм Қубла Азия байланыслылығы басламасының әмелий нәтийжеси болып, ол регионда турақлы раўажланыў, өз-ара аўызбиршилик ҳәм тынышлықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болып табылады," - деп жазады Пакистан ҒХҚ.
Материалларда бул ҳаўа қатнаўы Орайлық ҳәм Қубла Азия байланыслылығы басламасы шеңбериндеги әҳмийетли жойбар сыпатында тән алынған ҳәм еки мәмлекет арасындағы экономикалық, саўда, мәдений ҳәм билимлендириў тараўларындағы байланысларды жеделлестириўге тийкар жарататуғыны айрықша атап өтилген.
Сондай-ақ, басылымларда "Uzbekistan Airways"тиң Лаҳор жөнелисинде ҳәптесине еки мәрте турақлы әмелге асырылып атырған рейслери ҳаққында да атап өтилген. "Авиакомпанияның жаңа Исламабад жөнелиси Пакистанға пәрўазлар географиясын кеңейтип атырғаны, Қубла Азия регионаллық авиа базарына жедел кирип барыў бағдарындағы гезектеги унамлы қәдем болып есапланады. Бул пәрўазлар еки мәмлекет арасындағы исбилерменлер, бизнесменлер ҳәм туристлер ушын қолайлық жаратады, трансрегионаллық саўда ҳәм транспорт системаларын раўажландырыўға жәрдемлеседи, сондай-ақ, студентлер, зыяратшылар ҳәм өз-ара делегациялар менен алмасыў ушын да әҳмийетли транспорт қуралына айланады ҳәм ең әҳмийетлиси мәдений алмасыў тараўларындағы бирге ислесиўди тереңлестиреди", - деп атап өтилген материалларда.
Сондай-ақ, мақалаларда, Өзбекстанның әййемги қалалары - Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўаның туризм тартымлылығы ҳәм Пакистанның тарийхый ҳәм тәбийғый көринислери ҳаққындағы мағлыўматлар оқыўшылар итибарына усынылған.
Пакистан ҒХҚ тәрепинен жәрияланған мақалалар, "Ташкент-Исламабад жөнелисинде жолға қойылатуғын ҳаўа қатнаўлары халықларымыз арасындағы мәдений ҳәм туристлик жақынлықты және де беккемлеўге хызмет етеди ҳәм өз-ара сапар етиўлерди аңсатластырады", - деген сөзлер менен жуўмақланған.









