Презентацияда "Жаңа әўлад" арнаўлы санаат зонасын раўажландырыў режелери көрип шығылды.
774 гектар майданда шөлкемлестирилген бул аймақта ҳәзирги күнге шекем 268 гектарда 28 жойбар әмелге асырылмақта, олардың улыўма баҳасы болса 800 миллион долларға тең. Және 300 гектарда жайласатуғын 30 жойбар бойынша инвесторлар анықланған болып, улыўма инвестициялардың көлеми 400 миллион долларды қурайды.
Санаат зонасын және де кеңейтиў ҳәм жаңа қуўатлықларды жайластырыў есабынан жумыс орынларын жаратыў, жоқары қосымша қунлы және технологиялық өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәселен, санаат зонасы аймағында 288 миллион доллар инвестиция есабынан мультимодал логистика терминалын қурыў жойбары да көрип шығылды.
Жойбар Дубайдың “DP World” компаниясы менен биргеликте әмелге асырылады. Терминалды иске қосқаннан соң, пайтахт ҳәм Ташкент ўәлаятының логистика имканиятлары кеңейеди, экспорт ҳәм импорт операциялары жеделлеседи.
Пайтахтта жол-транспорт инфраструктурасын жақсылаў бойынша әмелге асырылатуғын жумысларға да тоқтап өтилди. Атап айтқанда, Шота Руставели көшесиндеги тәжирийбеден келип шығып, “BRT” системасы (Bus rapid transit) тийкарында және 10 көшеде усындай қурылыс жумыслары басланады.
Жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, транспорт ағымын тәртипке салыў ҳәм қала көринисин бирден-бир дизайн-код тийкарында жетилистириў мақсетинде ислеп шығылған илажлар да додаланды.
Келеси жылы мәҳәллелерди абаданластырыў, гастрономиялық көшелер қурыў ҳәм суўғарыў системаларын жаңалаў жумысларына жергиликли бюджеттен 1 триллион сум қаратылатуғыны белгиленди.
Президентимиз пайтахттағы жаңаланыўлар адамлар ушын қолайлы ҳәм заманагөй жасаў орталығын жаратыўға, экономикалық белсендилик ҳәм исбилерменлик потенциалын буннан былай да арттырыўға хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти.
Презентация даўамында басқа аймақлардағы ири жойбарлар бойынша да мағлыўмат берилди. Соның ишинде, Бухара қаласының туристлерди қабыл етиў ҳәм оларға хызмет көрсетиў имканиятларын және де кеңейтиў режелери көрип шығылды.











