Ташкент ўәлаятында пуқаралар "Социаллық карта"дан пайдаланыўды баслады

    Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының Янгийўл районында тәжирийбе тәризинде 2024-жыл 1-декабрьден социаллық жәрдем алыўшы пуқаралар ушын "Социаллық карта" енгизилиўи белгиленген еди.

    Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен системаны санластырыў, социаллық хызметлердиң түри ҳәм сапасын арттырыў бағдарында нәтийжели жумыслар шөлкемлестирилмекте.

    Атап айтқанда, Президенттиң 2024-жыл 18-июльдеги тийисли қарарына муўапық енгизилген "Социаллық карта" мәлимлеме системасы да усы бағдардағы әҳмийетли жаңалық болып есапланады.

    Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының Янгийўл районында тәжирийбе тәризинде 2024-жыл 1-декабрьден социаллық жәрдем алыўшы пуқаралар ушын "Социаллық карта" енгизилиўи белгиленген еди.

    "Социаллық карта" бир ўақыттың өзинде ҳәм төлем қуралы, ҳәм жәрдемге мүтәж категорияға тийислилик тастыйығы есапланады. Нәтийжеде 72 түрдеги социаллық хызметлер, 76 түрдеги жәрдем ҳәм 200 ге шамалас жеңиллик бирден-бир электрон системаға улыўмаластырылады.

    Ҳәзирги ўақытта Янгийўл районында пуқаралар "Социаллық карта"дан пайдаланбақта. Республиканың қалған барлық аймақларында да усы жылдың 1-июльинен баслап, бул жойбар енгизиледи.

    Социаллық картаны бериў ҳәм оннан пайдаланыў ушын арзалар Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы, "Социаллық карта" мобил қосымшасы, "Инсан" социаллық хызмет орайлары арқалы тапсырылыўы мүмкин.