Және санаўлы күнлерден кейин 2024-жыл ақырына жетеди. XXI әсирдиң биринши шерегиниң ақырғы жылына қәдем таслаймыз. Ўақыт жүдә тез өтип баратырғандай болып көринеди. Бундай асығыс ўақытларда адамның қыялы жуўмақ излейди. Бир жыл даўамында турмысымызда нелер өзгерди?
Гөнерген тарийх бетлеринде дүньяның ҳәр қыйлы көринислериниң жазыўларын оқыў мүмкин. Әййемги әсирлерден берли оның формасы ҳәм көриниси неше мәртебе өзгерген екен?! Бирақ, бүгингидей қәўип-қәтерлер, аўыр сынақлар алдында мәрдана турыў, онда миллий мәмлекетшиликти, өзлигин сақлап қалыў, тынышлық-татыўлықты, халықтың абаданлығын тәмийинлеў оғада қыйын ўазыйпа болып қалмақта.
Қуўанышлы тәрепи, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мине усы оғада қурамалы ҳәм уллы ўазыйпа шеберлик пенен орынланбақта. "Жаңа Өзбекстан руўхы"н өзинде жәмлеген бул тарийхый өзгерислер ҳәр бир ўатанласымыздың санасына көтериңкилик кейпиятын сиңдирип киятырғаны да әйне ҳақыйқат.
Бундай қутлы раўажланыўлар жылнамасы бизди 2024-жылы ерискен жетискенликлеримизди үлкен таллаўға шақырмақта. Себеби, неге ерискен болсақ, халқымыз турмысында қандай жақсы өзгерислер ислеген болсақ, оны ҳеш ким шеттен келип, ислеп берген жоқ. Олардың ҳәммесине өз күш-қүдиретимиз, бирлигимиз, аўызбиршилигимиз, пидайылық пенен ислеген мийнетлеримиз есабынан еристик.
Әлбетте, бул нәтийжелерге ерисиў ушын мәмлекетимиз басшысының басшылығында жыл бойы тынымсыз мийнет еткенин жақсы билемиз. Соның ушын "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының редакциясы 2024-жылы халқымыздың турмысы абаданлығына хызмет еткен реформаларды бирме-бир сәўлелендирип барыўды ҳәм бул бағдардағы мақалаларды "2024-жыл жуўмағы" деген рубрикаға бирлестириўди мақсет еткен. Себеби, жыл жуўмағы даўамлы ўақыя-ҳәдийселерди көрсетеди.
Солай етип, бул қатардағы биринши мақала Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында "Өзбекстан - социаллық мәмлекет" деген конституциялық принцип тийкарында халықты социаллық қорғаў бағдарында әмелге асырылған тартымлы ис-ҳәрекетлердиң жаңа басқышқа қәдем қойғаны ҳаққында.
Басламашы мәмлекет
Мәмлекетлерди раўажланған, раўажланып атырған ямаса артта қалған мәмлекетлер қатарына бөлиў мүмкин. Бул салыстырыўдың өлшемлери өз жолына, бирақ кейинги жылларда басқа бир сапа пайда болды, ол адамлардың өз ана журтындағы тәғдирлери менен байланыслы.
Демек, сиясий келиспеўшиликлер, қураллы соқлығысыўлар, урыс ошағында жасап атырған, ертеңги күниниң не менен тамамланыўы белгисиз болып қалып атырған, қарын тойып аўқатланбай атырған, перзентлери билимнен айырылған, келешеги қараңғы мәмлекетлер бир тәреп, пүткил дүньядан ажыралып, жалғыз өмир сүриў жолын таңлаған, заманагөй раўажланыўдан жырақ мәмлекетлер өзи бир тәреп, тынышлықты сүйиўши дүньяға кеңнен ашылып, барлық континентлерди өз ара байланыслы, аўызбиршиликте раўажланыўға, сиясий татыўлыққа шақырып киятырған мәмлекетлер болса айрықша сийрек ушырасатуғын тәреп есапланады.
Жаратқанға шексиз шүкир, Өзбекстан мине усы үшинши қатарға киреди, тек ғана усындай емес, ал бул статуста басламашы мәмлекет сыпатында өзиниң беккем позициясына ийе.
Әлбетте, бул бәлент пәрўаз гәплер емес. Тийкарланған ҳәм тән алыўларға толы пикирлер.
Бириншиден, Өзбекстан дүньяға қандай болса, сондай ашылды. Өткен әсирден берли ийнимизге аўыр жүк болып киятырған тәшўишли машқалалар тән алынды. Ҳәм, ең әҳмийетлиси, оларға избе-из шешим табылып, жағдай пүткиллей дурысланды.
Мәселен, мәмлекетте кәмбағаллық дәрежеси ашып берилди. Пахта сиясаты менен байланыслы әсирлик көзқараслар өзгертилди, мәжбүрий мийнет сапластырылды. Өзимиздиң исбилерменлеримиз, сырт елли инвесторлар ушын әдил, ҳуқықый тийкары беккем орталық жаратылды.
Екиншиден, қоңсы мәмлекетлер менен "музлаған" байланыслар қайта тикленди, шегаралар ашылды. Өзбекстан сыртқы сиясатында Орайлық Азия мәмлекетлери менен дослық қатнасықларға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.
Үшиншиден, мәмлекетте биринши мәрте экономикалық өсиў динамикасы мәнаўиятқа итибар қаратыў дәрежесине жетти.
Төртиншиден, халықты социаллық қорғаў менен қамтып алыў ҳәрекетлери басланды.
Бесиншиден, кейинги жыллары Президентимиз Шавкат Мирзиёев халықаралық әҳмийетке ийе оғада әҳмийетли басламаларды алға қойыўға киристи ҳәм оларды халықаралық жәмийетшилик те қызғын қоллап-қуўатламақта.
Буны өткен дәўирде Өзбекстанның басламалары тийкарында БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 11 резолюция қабыл етилгенлиги мысалында да көриўимиз мүмкин.
Социаллық әдиллик факторлары
Мине усы бес әҳмийетли тийкар миллий жәмийетимиздиң жаңа келбетин жаратыўға тийкар болды. Оның бүгинги көринисиниң анализин бир мақалада кең көлем менен ашып бериў мүмкин емес.
Биз жаңа Өзбекстанда халықты социаллық қорғаў сиясаты ҳаққында сөйлесиўди қәлер едик. Жуўмақланып киятырған жылда бул бағдарда оғада үлкен тарийхый реформалар әмелге асырылды.
Бул реформаларды ҳәр тәреплеме, мазмун-мәнисин кең түсиниў ушын, бәринен бурын, "Социаллық мәмлекет" принципи тийкарындағы тийкарғы мақсетлерди аңлап алыўымыз керек болады.
Әпиўайы етип айтқанда, социаллық мәмлекетте халықтың ерк-ықрарына үлкен әҳмийет қаратылады. Бунда пуқаралар мәмлекет ушын емес, керисинше, мәмлекет инсан ушын хызмет ете баслайды.
Хош, сонда жәмийетте нелер өзгереди? Буны 2024-жылы ерисилген нәтийжелер мысалында талқылаймыз.
1. Төрт район тәжирийбеси
Биз узақ жыллар қарамлық кейпиятында жасаўға үйренип қалған едик. Себеби, мәмлекеттеги, әтирапымыздағы жәмийетлик-сиясий, экономикалық орталықтың өзи усындай еди.
Бундай шараятта адамларға мәмлекеттиң исеними, өз нәўбетинде, адамлардың да мәмлекетке, реформаларға исеними оғада үлкен әҳмийетке ийе. Усы тәреплер терең ойланған ҳалда, егер қәлеў болса, ҳәр бир инсан жақсы жасаўы мүмкин екенлиги турмыслық үлгилер мысалында көрсетип берилди.
Атап айтқанда, 2024-жылы Уйчи, Сайхунобод, Зарбдор ҳәм Ғиждувон тәжирийбелери ўатанласларымыздың турмысында үлкен өзгерислерди баслап берди.
Усы районлардың тәжирийбеси шеңберинде жыл басынан берли 3 миллион 300 мың халық турақлы дәраматқа ийе болды. Рәсмий жумыс пенен бәнт болған халықтың саны болса биринши мәрте 10 миллион 500 мыңға жетти.
Усы жерде бир әҳмийетли тәрепке итибар қаратыўымыз керек болады. 4 район тәжирийбеси халқымызға не берди? Бәринен бурын, илим менен мийнет етиў көнликпесин.
Яғный, қоршаған орталық, аўыр климат өзгерислери бақланып атырған бир шараятта, тәбият пенен үнлесликте қыйтақ жерден өнимли пайдаланыў тәжирийбеси қәлиплеспекте. Сондай-ақ, ислеп шығарыў өнимдарлығын арттырыў имканиятын берди. Онда исбилерменлик мәдениятынан баслап, алдынғы пикирлеў қәбилетин раўажландырыў, базар талаплары тийкарында жоқарылыў көнликпелери жетилисип барылмақта.
Енди, дәстүрге бола, бир сан талқыланыўына орын берейик. Биз 4 район тәжирийбеси шеңберинде 2024-жылдың өзинде 3 миллион 300 мың халық турақлы дәраматқа ийе болғаны ҳаққында айттық. Буннан келип шығатуғын болсақ, халық арасында қыйтақ жер, исбилерменлик көнликпелери қәлиплесип бармақта. Ең әҳмийетлиси, қаўын қаўынға қарап рең алады, деген сөз бийкарға айтылмаған. Ертең 3 миллионнан аслам халыққа және сонша ўатанласымыз қосылады ҳәм бул ҳәрекет мәмлекет көлеминде ең жаяды.
Усыған тийкарланып айтыў мүмкин, негизинде бизиң елимизде кәмбағаллықтың өзи болыўы мүмкин емес. Себеби, Өзбекстан халқы ең көп жеке қыйтақ жерге ийе мәмлекетлер қатарында турады. Ҳәр бир шаңараққа исбилерменлик, дийқаншылық ушын барлық шараятлар жаратылып, қоллап-қуўатланып атырған бир ўақытта қыйтақ жерде мийнет еткен адам кәмбағал болмайтуғынын мийнеткеш, исбилермен халқымыз жақсы биледи.
2. "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы иске түсти
Өмир адам әўладларына берилген үлкен сынақ ҳәм аўыр жуўапкершилик. Сынаў сонда, бул дүньяда ҳәр биримиз инсаный минез-қулқымызды тәрбиялап, ийгиликли әмеллердиң орынлаўшысы болыўымыз лазым. Жуўапкершилик болса өмир даўамлылығы менен байланыслы миннетлеримиз жыйындысы. Солардың бири өзимиз ҳәм перзентлеримиз келешеги ушын жуўапкершилик пенен қатнас жасаў болып табылады.
Президентимиздиң 2024-жыл 23-сентябрьдеги "Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында"ғы пәрманы мине усы жуўапкершилигимизди толық орынлаў ушын әҳмийетли бағдарлама, үлкен имканият болды.
Гәп сонда, бул пәрман менен мәмлекетимизде "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы иске қосылды. Бағдарлама 2024-жыл 1-ноябрьден баслап "Кәмбағал шаңарақлар ушын жети имканият ҳәм жуўапкершилик" принципи тийкарында орынлаўға бағдарланды.
Егер бул имканият ҳәм жуўапкершиликлерди халық тилинде түсиндирсек, көз алдымызда усындай көринис пайда болады.
Енди мәҳәллелерде исбилерменлик орталығы раўажландырылып, соңында, турақлы бәнтлик ҳәм жоқары дәрамат табыўға ерисиледи.
Оның ушын мәҳәллелерге жетекши исбилерменлерди тартыў, қыйтақ жерден өнимли пайдаланыўды жолға қойыў, ҳәр бир район ҳәм қалада социаллық-экономикалық раўажланыўға түртки беретуғын "драйвер" жойбарларды әмелге асырыў, қосымша 50 мың гектар егислик майданларын кәмбағал шаңарақларға ижараға бериў, оларға киши ислеп шығарыў үскенелери, көшпели дүкан, мотороллер, скутер сыяқлы қуралларды бөлип төлеў шәрти менен бериў илажлары әмелге асырылады.
Кәмбағал шаңарақлардың перзентлериниң билим алыўы ҳәм кәсип-өнер үйрениўине мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылады.
Олардың кеминде бир перзентин шет тиллерге, кәсип-өнерге ямаса қәнигеликке оқытыў, бир перзенти, атап айтқанда, қыз перзентиниң жоқары мағлыўматқа ийе болыўы ушын шараят жаратыў мақсет етилген.
Кәмбағал шаңарақлардың ҳәр бир ағзасы бир жылда бир мәрте толық медициналық тексериўден өткериледи.
Онда олардың өз денсаўлығы ушын жуўапкершилигин арттырыў, перзентлериниң спорт дөгереклерине қатнаўы ушын имканиятлар жаратыў, шаңарақтың медициналық хызметке өз есабынан жумсаў қәрежетлерин еки есеге қысқартыў нәзерде тутылған.
Социаллық хызметлерден пайдаланыў көлеми арттырылады.
Усы мақсетте шаңарақлардың мийнет етиў имканиятын шеклеўши факторларды сапластырыў, атап айтқанда, басқалардың ғамхорлығына мүтәж шахсларға күндизги қатнаў тийкарында қараў, балаларды тәрбиялаў ҳәм күндизги тәрбиялаў хызметлери жолға қойылмақта.
Улыўма, шаңарақлардың жасаў шараятларын жақсылаў, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери менен тиккелей қарым-қатнасты жолға қойыў, басшыларды кәмбағал шаңарақларға бириктириў, олардың машқалаларын биргеликте шешиўге жәрдемлесиў сыяқлы турмыслық система жаңа Өзбекстанның социаллық мәмлекет сыпатында халқымызды разы етиў жолындағы үлкен сиясатын билдиреди.
3. Меҳрибанлықтың социаллық портрети
Биз мақалаларымыздың усы бөлимине шекем көбирек кәмбағаллықты сапластырыў илажлары ҳаққында сөз еттикз. Себеби, кәмбағаллық ҳәм социаллық қорғаў бир-бирине байланыслы ақыбетлер болып табылады.
Негизинде 2024-жыл мәмлекетимиз турмысында кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм халықты социаллық қорғаў бағдарындағы илажларға ҳуқықый, руўхый ҳәм экономикалық тийкар қойылған жыл сыпатында тарийхта қалмақта.
Жоқарыда жаңа Өзбекстанды ийгиликли басламалар ели, деп тәрийиплеп, оның тийкарларынан бири сыпатында халықты социалластырыў ҳәрекетлериниң басланғанын бийкарға атап өткенимиз жоқ. Мәмлекет қашан өз пуқараларының бүгинги ҳәм ертеңги турмысы ушын қайғырады. Қашан бул мәмлекетте турақлы раўажланыў басқышына өтилсе, реформалар узақты гөзлеп әмелге асырылып атырған болса.
Президентимиздиң 2023-жыл 1-июньдеги "Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында"ғы пәрманы менен Социаллық қорғаў миллий агентлиги, сондай-ақ, район ҳәм қалаларда "Инсан" социаллық хызметлер орайларының шөлкемлестирилгени быйыл халықты социаллық қорғаў бағдарында жаңа басқышқа өтиўге беккем ҳуқықый тийкар болды.
Бул система мыңлаған шаңарақларға өмир бағышлайтуғын көтериңки кейпият бағышлады. Әсиресе, мәҳәллелерде социаллық хызметкерлердиң жумысы жолға қойылғаны оғада үлкен табысларымыздың бири болды.
Мысал ушын, "Инсан" орайларының ашылыўы менен мәҳәллелерде 102 социаллық хызмет көрсетиў системасы жолға қойылды. Социаллық хызметкерлер үйме-үй жүрип, усы жылы реестрде болмаған 95 мың мүтәж адамға жәрдем көрсетти. 51 мың адамға майыплық белгиленди, 26 мыңы протез алды. Жатып қалған 4 мың жалғыз кекселер анықланып, оларға үйиниң өзинде күтим шөлкемлестирилди. Майыплығы болған 5 мың бала бақша-мектепке жайластырылды. Нәтийжеде, бундай мәнзилли жумыслар себепли халық қабыллаўханалары ҳәм ҳәкимликлерге социаллық хызмет ҳәм жәрдем бойынша мүрәжатлар 35 процентке азайды.
Үш ай бурын ўәлаятлар ҳәм районлардағы 14 мың басшы 75 мың кәмбағал шаңараққа бириктирилип, олар менен индивидуал ислесиў жолға қойылды. Нәтийжеде бул шаңарақлардағы 17 мың адам турақлы жумысқа жайластырылды, исбилерменлик ҳәм қыйтақ жер арқалы 14 мың халықтың дәраматы арттырылды. 30 мың бала бақша, дөгерек ҳәм кәсип-өнерге оқытыў менен қамтып алынды, 45 мың мүтәж халыққа медициналық жәрдем көрсетилди.
Бул санлардың ҳәр биринде үлкен социаллық жүк бар. Жәмийетимиздиң жаңа келбетин қәлиплестириўдиң ең тәсиршең тийкары бул санлар.
Мен бир имканияты шекленген инсанның тәғдирине гүўа болдым. Ол тәғдир сынақлары менен жүре алмай, төсекке жатып қалған ғарры адам еди. Алыс ўәлаят орайындағы көп қабатлы жайлардың биринде жасайтуғын еди. Өзиниң айтыўынша, жигирма жыл көшеге шықпаған, турмысты айнадан бақлап жасаған.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң сиясий қәбилети менен халық ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында қарым-қатнас механизми жолға қойылғаннан соң, бир топар жуўапкерлер оның үйине кирип, майыплық арбасын саўға еткенин ҳәм ол биринши мәрте ҳәўлиге шығып, турмысты ашық қызығыўшылық пенен тамаша еткени ҳеш көз алдымнан кетпейди. Кәмбағал, меҳирге ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақтың социаллық портрети ҳаққында сөз болғанда елеге шекем сол көринис ядымда жанланып қала береди...
Халықты социаллық қорғаў системасы менен ҳәр тәреплеме қамтып алыў, әсиресе, бүгинги қәўипли дәўирде, ҳәр қандай мәмлекеттиң де қолынан келмейтуғынын айтпақшымыз. Буның ушын, жоқарыда айтқанымыздай, турақлы раўажланыўға ерисиў, келешекке исеним сиясаты беккем болыўы керек болады.
Ҳәммемиз жуўапкермиз
Бүгин кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў темасында сөз етпектемиз. Елимизде әмелге асырылып атырған бундай социаллық-экономикалық қүдиретли сиясат терең ҳәм пуқта ойланғаны менен басқа мәмлекетлердиң тәжирийбесинен парықланады.
Қайсы тәреплери менен?
Мәмлекетимиз басшысы кәмбағаллықты қысқартыўда, бәринен бурын, оны келтирип шығаратуғын факторларға итибар қаратпақта.
Бириншиден, кәмбағаллықтың тийкарғы айыби - билимсизлик, өнер ийелемеў болып табылады.
Сонлықтан, Президентимиз ата-аналар, мәҳәлле белсендилери, нураныйлардың алдына балаларда балалықтан-ақ китапқумарлыққа меҳир оятыў, оларды шет тиллери, кәсип-өнер ҳәм көркем өнерге үйретиў, ҳаял ҳәм қызының оқыўы ҳәм ислеўи ушын шараят жаратыў - әҳмийетли турмыслық ўазыйпа, деген көзқарасты сиңдириў ўазыйпасын қойды.
Екиншиден, адамлар, әсиресе, жасларымыз өз алдына үлкен мақсетлер қойып, бул мақсетлерге ҳадал мийнет, турақлы излениў ҳәм ғайрат арқалы ерисиўге умтылып жасаў күнделикли турмыс тәризине айландырылмақта.
Үшиншиден, қыйтақ жерге егин егиў, турақ жайда қолайлы ҳәм пайызлы орталық жаратыў, тазалықты сақлаў, дурыс аўқатланыў, пияда жүриў, зыянлы әдетлерден ўаз кешиў бойынша белсене үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Төртиншиден, шаңарақ ҳәм мәҳәллениң тынышлығы, абаданлығы ушын қайғырыў, өз-ара татыўлық, аўызбиршиликти тәмийинлеў, турмысымыздағы өзгерислер менен жаңаланыўларға қатнас сезимин күшейтиў бойынша турақлы тәсиршең жумыс алып барылмақта.
Басқа тәжирийбелерден парықлы турмыслық усындай тәреплери бизиң ертеңги күнимизди белгилейтуғын әҳмийетли факторлар болып есапланады. Жуўмақ орнында болса бир әҳмийетли пикирди еске алыўды қәлер едик.
"2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўда ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болады, деди мәмлекетимиз басшысы усы жылы 16-декабрь күни банклердиң қатнасында мәҳәллелерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматлы етиўге қаратылған тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерген видеоселектор мәжилисинде.
Демек, алдымызда бизди және де зәрүр ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар күтип тур. Ең әҳмийетлиси, бул мақсетлерге ерисиў ушын мәмлекетимизде беккем тийкарлар жаратылған. Олардың ең әҳмийетлиси - кәмбағаллықты азайтыў ҳәм халықты социаллық қорғаў системасындағы үлкен реформаларды имканияты барынша талладық.
Салим ДОНИЁРОВ