Бул жуўапкершилиги шекленген жәмийетте салы жетистириў ҳәм оны терең қайта ислеў бойынша толық санаат шынжыры жаратылған.
Айтып өтиў керек, бурын салыгершилик жумысы тарқақ болғаны ушын дурыс дәрамат ала алмайтуғын еди. Әсиресе, салыны қайта ислеўде көплеген машқалаларға дус келетуғын еди. Кейинги жылларда айрықша итибар себепли тараўда сапа өзгерислери басланды, нәтийжелилик артты.
Бүгинги күнде Ташкент ўәлаятында да салы жетистириў тармағында белгили жетискенликлерге ерисилмекте.
Ўәлаятта быйылғы жылдың өними ушын 8,7 мың гектар салы егилди. Суўды үнемлейтуғын технологиялар ушын 3 мың гектар жер лазерли тегисленди. Нәтийжеде ўәлаят бойынша 60 миллион куб метр суў үнемленди, 522 тонна туқымның жумсалыўы азайды.
Соның ишинде, “ТСТ Rice” кластери тәрепинен 2 мың гектардан аслам майданда "Искендер", "Гулистан", "Нөкис" сортлары егилип, тәрбияланған.
Бүгинги күнде 985 гектар майданда салы жыйнап алынып, гектарынан орташа 65-70 центнерден, айырым атызларда 80-85 центнерден зүрәәт алынды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде фермерлер, аўыл хожалығы ветеранлары менен сәўбетлести. Олар зүрәәтли сортлар ҳәм жаңаша агротехнологиялар себепли мийнеттен мәпдарлық артып атырғанын айтты.
- Бүгин барлық тараўда илимге, инновацияға, алдынғы технологияларға сүйенип атырмыз. Аўыл хожалығында да базар принциплерин енгизип, дәраматты арттырмағанда бүгингидей зүрәәтлилик болмас еди. Кейинги ўақытлары тәбият өзгерип, суў жетиспеўшилиги артпақта. Енди дийқанлар буған бейимлесип ислеўи, тамшылатып суўғарыў, суўдан үнемлеп пайдаланыўды үйрениўи керек, - деди Президент.
Тараўдағы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў, илим менен мийнет өнимдарлығын арттырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Жуўапкерлерге зүрәәтли сортларды көбейтиў, қайта ислеўди күшейтиў, суўды үнемлейтуғын технологиялардан нәтийжели пайдаланыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.