Атап өтилиўинше, автобусларда нақ пул арқалы ҳәрекетлениўди қәлеўши жолаўшылар, Ташкент қаласы бойлап орнатылған 5 мыңнан аслам Paynet, MultiPay ҳәм Oson инфокиоскаларынан 3 мың сумға бир мәртелик QR-билет сатып алыўы керек.

Бул инфокиоскалар менен байланыслы техникалық насазлықларды онлайн (аралықтан турып) сапластырыў имканияты жоқ екенлиги себепли насазлықлар хызмет көрсетиўши шөлкемлер тәрепинен орнына шығып сапластырылатуғынын мәлим етемиз, - делинеди хабарда.

Өз ўақтыңыз ҳәм қаржыңызды үнемлеў ушын болса автобусларда жол ҳақысын 1700 сумға электрон төлем түрлери, яғный:

- Банк карталары,

- Мобил қосымшалар ҳәм

- АТТО транспорт ҳәм виртуал карталар арқалы әмелге асырыў мүмкин.