"Куба көп жыллар даўамында Венесуэланың үлкен муғдардағы нефть ҳәм пулы есабынан жасап келди. Енди Кубага нефть те, ақша да келмейди - ноль! Мен оларға кеш болмастан алдын келисим дүзиўди қатаң усыныс етемен", деп жазған ол Truth Social социаллық тармағында.

Трамп, сондай-ақ, Венесуэла Кубадан қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша хызметлерге мүтәж емеслигин, себеби енди оны АҚШтың "дүньядағы ең қүдиретли армиясы" қорғайтуғынын билдирди, деп жазбақта ria.ru.