Трамп "Truth Social" социаллық тармағындағы бетинде былай деп жазған:

"АҚШ ҳәм Өзбекстан арасындағы әжайып саўда-экономикалық келисимди жәриялаўдан қуўанышлыман. Келеси үш жылда Өзбекстан Американың тийкарғы тармақлары, соның ишинде, әҳмийетли пайдалы қазылмалар, авиация, автомобиль бөлеклери, инфраструктура, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм химия, мәлимлеме технологиялары ҳәм басқа да тараўлар ушын дерлик 35 миллиард доллар, келеси он жылда болса 100 миллиард доллардан аслам қаржы сатып алыўды әмелге асырады ҳәм инвестиция киргизеди.

Мен жоқары ҳүрметли Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдиремен. Биз мәмлекетлеримиз арасындағы узақ мүддетли ҳәм нәтийжели қатнасықларды асығыслық пенен күтемиз!".