Бул Нызам 2024-жыл 16-августта өткен шақырық Сенатының 55-жалпы мәжилисинде де көрип шығылған еди. Алдынғы додалаўлар процесинде сенаторлар елимизде соңғы жыллары жол ҳәрекети қатнасыўшыларының тийисли қағыйдаларға әмел етиў мәдениятын арттырыў, айдаўшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў бойынша көрилип атырған илажларға қарамастан, республика аймағында жол-транспорт ҳәдийселери жүз берип атырғаны ҳәм буның ақыбетинде пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына үлкен зыян жеткери
Нызамда жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеўдиң унамсыз ақыбетлериниң алдын алыўға хызмет ететуғын жаңа нормалар орын алған.
Соның ишинде, Жынаят кодексине тийисли өзгерислер киргизиў арқалы транспорт қуралын қайта мәс ҳалда басқарғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте. Буннан тысқары, Жынаят кодексинде автомототранспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, имтихан өткериў ҳәм айдаўшылық гүўалығын бериў тәртибин бузғаны, транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахстың транспорт қуралын басқарғаны ҳәм қысылған тәбийий газде, суйылтырылған нефть газинде ямаса дизель ҳәм газ тәризли жанылғы араласпада ислейтуғын транспорт қуралларынан пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларын бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.
Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте транспортта зорлық, яғный айырым айдаўшылар тәрепинен басқарыў мәдениятына әмел етпей, транспорт қуралын кескин басқарыў ҳәм басқа ҳәрекетлерде көрсетилген "агрессив басқарыў", "дрифт", "шахмат" түринде ҳәрекетлениў, жолларда тосықлар пайда етиў сыяқлы қағыйдабузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
Соған қарамастан, Нызамдағы айырым нормалар бүгинги күндеги реал ўақыя ҳәм әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң талапларына сәйкес келмейтуғыны себепли Сенаттың 55-жалпы мәжилисинде Сенат ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасы депутатларынан ибарат келисим комиссиясын дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилген еди. Буннан соң Сенат тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар келисим комиссиясы тәрепинен толық көрип шығылды ҳәм барлық мәселелер ҳәр тәреплеме додаланып, Нызам жетилистирилип барылды.
Атап айтқанда, нызам менен жәрийма баллары есапланған жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын ҳәкимшилик жаза қолланыў сыяқлы жуўапкершилик белгиленбекте. Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары бойынша есапланатуғын жәрийма баллары белгиленген муғдардан артқаны ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанында айдаўшылық ҳуқықынан айырыўдың ең аз муғдары алты айдан аз болмаўы нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилип атырған жаңа 1952-статья да толық қайта исленди. Соның ишинде, пуқаралардың ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерин фото, видео сүўретке түсириў ҳәм сүўретлерди тарқатыў ҳуқықы сақлап қалынды. Қорғаў уйымлары хызметкерлериниң жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў толық сақланып қалмақта. Алдынғы редакциядан өзгеше түрде бар нәрсени социаллық тармаққа жайластырғаны ушын жуўапкершилик белгиленбеген.
Нызамда тек ғана хызметкерлердиң сүўретин олардың абырайсызланыўына алып келетуғын тәризде бузып тарқатпаў, яғный хызметкердиң ҳәрекетлери, сөзлери ҳәм жүз берген жағдайды бузбаў, усы мақсетте монтаж етпеў талап етилмекте.
Усы статьяның санкциясында белгиленген жәрийма муғдарлары да қайтадан көрип шығылды. Соның ишинде, қатаң белгиленген БЕМниң 50 есеси муғдарындағы жәрийма 20 есесинен 50 есесине шекемги етип, қатаң белгиленген 15 сутка мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыў 10 суткаға шекем қысқартылмақта, яғный жағдайдан келип шығып, судья оннан да аз мүддет белгилеўи мүмкин.
Соннан келип шығып, бул статьяда "ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында алынған фото-ҳәм (ямаса) видеоларды олардың абыройын төменлетиўге алып келетуғын тәризде бузып тарқатыў, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында тарқатыў ушын" ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
Сенаторлардың пикиринше, бул Нызамның қабыл етилиўи, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының жолларда ҳәрекетлениў мәдениятын арттырыўға, жол ҳәрекети қатнасыўшылары ҳәрекет даўамында белгиленген қағыйдаларға әмел етиўин тәмийинлеўге, ақыбетинде жол-транспорт ҳәдийселериниң санын азайтыўға хызмет етеди.
Додалаўдан соң Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.