Кейинги жылларда Өзбекстан - Пакистан қатнасықлары сезилерли дәрежеде жеделлести ҳәм мазмунлы түс алды. Жоқары ҳәм орта дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер, сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң кеңейип атырғаны, исбилермен топарлардың қызығыўшылығы артып атырғаны еки мәмлекет бирге ислесиўин рәсмий мәлимлемелер шеңберинен шығарыўға өз-ара умтылып атырғанынан дәрек береди. Мәселен, Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы товар алмасыў көлеми 2025-жылы 16 процентке өскени де бул пикирди тастыйықлайды.
Ҳәзирги басқышқа тән өзгешелик сиясий сөйлесиўди реал мазмун менен байытыўға умтылыў болды. Экономика, транспорт байланыслылығы, гуманитарлық алмасыўлар ҳәм билимлендириў бағдарламалары көбирек улыўма күн тәртибиниң өз-ара байланысқан элементлери сыпатында қаралмақта. Бундай қатнас символикалық шерикликтен прагматикалық ҳәм нәтийжеге бағдарланған бирге ислесиў моделине өтиў ҳаққында сөз етиў имканиятын береди.
Әне усы шараятта Ташкенттеги эксперт додалаўлары анық бирлесиў процесиниң бир бөлеги сыпатында қабыл етилди. Өзбекстан - Пакистан сөйлесиўиниң турақлылығын белгилейтуғын тийкарғы факторлардан бири халықларымыздың тарийхый ҳәм қәдирий жақынлығы болып қалмақта. Экспертлик додалаў даўамында пакистанлы қатнасыўшылар Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы қатнасықлар заманагөй сиясий мәплерге және әсирлер даўамында қәлиплескен улыўмалық цивилизациялық мийрасқа сүйенгенин бир неше мәрте атап өтти.
Имам Бухарий, Имам Термизий, Баҳаўаддин Нақшбандий ҳәм басқа да ислам дүньясының уллы ойшылларының атларына мүрәжат етиў илим, мәнаўият ҳәм илимге умтылыў тарийхый жақтан Орайлық ҳәм Қубла Азия регионларын байланыстырып турғанын ҳәм ҳәзирги ўақытта да олардың өз-ара байланыслары ушын беккем тийкар болып хызмет етип атырғанын еслеткендей болды. Бул мәдений-гуманитарлық тараўдағы еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының зыярат туризмин раўажландырыўға байланыслы идеясын әмелде жүзеге шығарыў ушын үлкен потенциал жаратады.
Пакистан ўәкиллери Өзбекстанды бай мәденият, уқсас дәстүрлер, диний ҳәм тарийхый мийрасқа ҳүрмет пенен қарайтуғын, руўхы жақын мәмлекет сыпатында қабыл етип атырғанын атап өтти.
Заманагөй реформалар шараятында Өзбекстанның өз тарийхы ҳәм руўхый тамырларына мүрәжат етиўи Пакистанда да өткир жуўапкершилик оятып атырғаны айрықша атап өтилди. Қәнигелер буны билим, әдеп-икрамлылық ҳәм инсанды қәдирлеўге тийкарланған Үшинши Ренессанс идеясы Пакистан жәмийетине жақын ҳәм түсиникли екени менен байланыстырды. Соның ушын да еки мәмлекет арасындағы сөйлесиў ҳәзир рәсмий форматлар шеңберинен шығып, гуманитарлық ҳәм интеллектуаллық мазмун менен байып бармақта.
Сырт елли экспертлердиң шығып сөйлеген сөзлеринде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларға баҳа бериў тийкарғы орынды ийеледи. Пакистанлы экспертлер Пакистан Ислам Республикасы Президенти Асиф Али Зардарийдиң Өзбекстан Үшинши Ренессанс моделин әмелге асырыўда үлкен нәтийжелерге ерисип атырғаны ҳаққындағы сөзлерин тилге алып, бул тек ғана раўажланыўдағы бир қәдем емес, ал қоңсы ҳәм дос мәмлекетлер ушын илҳам дәреги, пүткил дүнья ушын әҳмийетли тәжирийбе екенин атап өтти.
Пакистанлы жазыўшы Муҳаммад Аббос Хон: "Пакистанда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери үлкен қызығыўшылық пенен үйренилмекте. Себеби, олар тек ғана Өзбекстанның емес, ал Пакистан жәмийетиниң, улыўма Орайлық ҳәм Қубла Азияның, сондай-ақ, глобал көлемдеги турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, Өзбекстан Президентиниң Үшинши Ренессанс идеясы тийкарында билимлендириў, илим, мәденият ҳәм ағартыўшылықты раўажландырыўға қаратылған стратегиялық көзқарас турады. Бул усыл жәмийетти интеллектуаллық жақтан раўажландырыўға қаратылған системалы сиясаттың әмелий көриниси болып есапланады".
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң реформалар сиясаты заманагөй басқарыў ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық бағдарламаларының үйлесимлилигине сүйенетуғынына айрықша итибар қаратылды. Сырт елли экспертлер регионның интеллектуаллық ҳәм мәдений мийрасына мүрәжат етиў модернизацияға қарсы емес, ал, керисинше, оған турақлылық ҳәм ишки логиканы бағышлағанын атап өтти. Олар бундай қатнасты Өзбекстанның бәсекиге байланыслы тийкарғы абзаллықларынан бири сыпатында баҳалады.
Сыртқы бақлаўшылар да мәмлекеттиң ашық-айдынлығы артқанына итибар қаратты. Өзбекстан халықаралық процесслерге жедел кирип бармақта, шериклер менен сөйлесиўди кеңейтпекте, дүнья көлеминде унамлы имиджди қәлиплестирмекте. Экспертлердиң пикиринше, мине усы ашық-айдынлық реформаларды қалыс баҳалаў имканиятын береди, алып барылып атырған жолға исенимди арттырады.
Ташкентте Өзбекстан - Пакистан қатнасықларын додалаў жыйналған сиясий сөйлесиў әмелий бирге ислесиўге барған сайын анық өтип атырғанын көрсетти. Қәнигелердиң атап өткениндей, өз-ара исеним ҳәм стратегиялық ўазыйпаларды уқсас түсиниў бирге ислесиўдиң дәстүрий түрлеринен тысқары анық биргеликтеги басламалар ушын тийкар жаратады.
Гуманитарлық бирге ислесиў тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында атап өтилди. Билимлендириў, илим ҳәм академиялық алмасыўлар еки тәреплеме қатнасықлардың турақлылығына узақ мүддетли инвестиция сыпатында қаралмақта. Пакистанлы қатнасыўшылар Өзбекстанның билимлендириў реформалары тараўындағы тәжирийбесине қызығыўшылық артып атырғаны, сондай-ақ, университетлер, изертлеў орайлары ҳәм экспертлер жәмийетшилиги арасындағы байланысларды кеңейтиў ушын потенциал бар екенин атап өтти. Тек ғана 2025-жылдың өзинде 2 мыңға шамалас пакистанлы студент Өзбекстанға жоқары билим алыў ушын келгени әҳмийетли көрсеткиш болып есапланады. Бул елимизге келип атырған сырт елли студентлердиң дерлик бес процентин қурайды. Бул көрсеткиш те тараўда пайдаланылмаған имканиятлар бар екенинен дәрек береди.
Сондай-ақ, өзбекстанлы жаслардың жетискенликлери қоллап-қуўатланды. Мәселен, 2025-жылы өзбекстанлы мектеп оқыўшыларының халықаралық пән олимпиадаларында қатнасыўы нәтийжесинде 29 халықаралық пән олимпиадасында 40 алтын, 78 гүмис ҳәм 92 бронза (жәми 210 медаль) қолға киргизилген.
Экономика ҳәм турақлы раўажланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Пакистан «Riphah» халықаралық университети деканы Мусаддық Ҳусейнниң пикиринше: "Жеке меншик сектор ҳәм исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетте инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша әмелий илажлар оны сырт елли шериклер, соның ишинде, пакистанлы инвесторлар ушын тартымлы майданға айландырмақта. Бул өз-ара товар алмасыўды еки миллиард долларға жеткериўди стратегиялық мақсет етип қойған Пакистан ҳәм Өзбекстан арасындағы экономикалық қатнасықларды жедел раўажландырыўға хызмет етеди, деп исенемен.
Улыўма алғанда, бул пикирлер Өзбекстан-Пакистан қатнасықлары әсте-ақырын анық мазмун менен байып атырғанынан дәрек береди. Экспертлер жәмийетшилиги бул процесске еки тәреплеме сөйлесиў эволюциясының нызамлы басқышы сыпатында қарайды, онда идеялар ҳәм қәдириятлар бирге ислесиўдиң әмелий түрлеринде даўам етеди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пакистанға сапары усы тенденцияның логикалық даўамы сыпатында баҳаланбақта. Ол сиясий сөйлесиўге қосымша пәт бағышлаў, және де тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўге өтиўди беккемлеўге қаратылған. Экспертлер жәмийетшилиги бул сапар етиўди еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық ҳәм социаллық-экономикалық байланыслардың және де тереңлесиўи менен байланыстырады.
Өзбекстан реформаларына ҳәм Үшинши Ренессанс идеясына болған халықаралық қызығыўшылық төмендегилерди тастыйықлайды: Өзбекстан бүгин регионаллық ҳәм глобаллық қарым-қатнастың белсенди ҳәм жуўапкершиликли қатнасыўшысы сыпатында қабыл етилмекте. Мәмлекетимиз тәжирийбеси сырт елде барған сайын көбирек үйренилип, шериклер, соның ишинде, Пакистан менен қатнасықлар узақ мүддетли раўажланыў ҳәм өз-ара пайдаға бағдарланған жаңа мазмун менен байып бармақта.
Нодир Сафаров
Турақлы раўажланыў орайының эксперти.