Қарарға бола, 2025-жыл 1-июльден 15 район (қала) ларда, 2026-жыл 1-январьдан Самарқанд ўәлаятында тәжирийбе-сынақ түринде денсаўлықты сақлаў системасын шөлкемлестириўдиң жаңа моделин (Тәжирийбе-сынақ жойбары) енгизиў шеңберинде денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди.

Соннан:

бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў арқалы шаңарақлық поликлиникаларда көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў;

медицина хызметкерлериниң билим ҳәм маманлығын арттырыў, олардың мийнетине мүнәсип ҳақы төлеў системасын енгизиў.

Тәжирийбе-сынақ жойбарын әмелге асырыў мақсетинде район (қала) лық медицина бирлеспелери негизинде район (қала) лық денсаўлықты сақлаў бөлимлери шөлкемлестириледи.

Төмендегилер район (қала) лық денсаўлықты сақлаў бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди, соның ишинде:

көп тармақлы орайлық поликлиникаларды орайлық емлеўханалардың мәсләҳәт-диагностика бөлимлерине айландырыў;

медицина хызметкерлериниң жумысын тастыйықланған мийнет нәтийжелилиги көрсеткишлери бойынша қадағалаў ҳәм нәтийжелер тийкарында оларды хошаметлеў.