Усы ҳүжжетке тийкарланып, бүгиннен баслап турақ жайды оңлаў ушын ипотека кредитлерин рәсмийлестириў басланады. "Мәҳәлле жетилиги"ниң усынысы тийкарында жеке тәртиптеги турақ жайды қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан төрт процент бәнтке жоқары ставкада (17,5%) 120 миллион сумға шекемги муғдарда 20 жылға шекемги мүддетке ипотека кредитлери ажыратылыўы белгиленген.
Бул ипотека кредитин алыў мүмкин болған шахслар бүгиннен баслап online-mahalla.uz платформасы арқалы арза жибериўи мүмкин.
Усы ипотека кредити бойынша дәслепки төлемниң бир бөлегин қаплаў ушын кредиттиң 15 проценти муғдарында ҳәм процент төлемлериниң белгили бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши бес жылы даўамында 12 проценттен асқан бөлегине субсидия төлеп бериледи.
Быйылғы жылғы бағдарлама шеңберинде ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар - 12 проценттен асқан бөлегине, 2025-жыл ҳәм оннан кейинги жыллар бағдарламалары шеңбериндеги кредитлер бойынша болса - Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асқан бөлегине төленеди.
Бирлемши турақ жай базарындағы квартираларды сатып алыў ушын ажыратылған ипотека кредитлери бойынша дәслепки төлемниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар - 2024-жылғы бағдарламадан баслап қатаң белгиленген 30 миллион сум муғдарында төленеди.