Адамзат жәмийети пайда болғаннан кейин инсаният энергия алыў мақсетинде углеводород тәбийий ресурсларынан пайдаланыўды өзлестирди. Бул процесс соңғы он жыллықларда кескин раўажланбақта. Дүнья көлеминде таскөмир, нефть ҳәм тәбийғый газ қатарында қайта тикленетуғын ҳәм ядро энергетикасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимизде де қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў күн тәртибине шықпақта. Бул тармақты раўажландырыў мәмлекеттиң бирден-бир энергетика ҳәм экологиялық сиясаты етип белгиленди. Мәмлекетимиз басшысы ғәрезсизлигимиздиң отыз төрт жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде бул бағдардағы жумыслар ҳәм ерисилип атырған нәтийжелерге тоқтап, соның ишинде, былай деди "…Усы жылдың өзинде 6,5 миллиард киловатт-саат "жасыл" энергия ислеп шығарылды. Ең әҳмийетлиси, жәми генерация қуўатлықларында "жасыл" энергия үлеси 30 процентке жетти. Биз 2030-жылға шекем және 35 миллиард доллар тиккелей инвестиция есабынан "жасыл" энергия үлесин 54 процентке алып шығамыз".

Бирақ бүгинги глобалласыў процесинде энергия алыў ушын мәмлекетимизде дәстүрий энергия дәреклеринен пайдаланылмақта. Атап айтқанда, көмир, тәбийғый газ ҳәм нефть өнимлери менен бирге мазут та пайдаланылмақта.

"Мазут" сөзиниң сөзлик мәниси "қалдық", "шығынды" деген мәнисти билдиреди. Яғный мазут нефтти қайта ислеў процесинде алынатуғын ең ақырғы фракция болады. Узақ жыллар даўамында оннан тийкарғы ҳәм ажыралмас альтернатив жанылғы дереги сыпатында пайдаланып келинбекте. Көплеген объектлер ушын авария жағдайында мазут резервтеги жанылғы ўазыйпасын атқарады. Бирақ бүгинги климат өзгериўи менен байланыслы жағдай ҳәм экологиялық талаплар оннан пайдаланыўға тән көзқарасты түп-тийкарынан өзгертип жиберди. Бәринен бурын, баҳасының басқа да нефть өнимлериниң баҳасынан 3-5 есеге жоқары екенлиги, қурамының 3,5 процентке шекем күкирттен ибарат екенлиги, пайдаланыўда қурылмалардың тез коррозияға ушыраўы мазуттан пайдаланыў экономикалық жақтан нәтийжесиз екенин тастыйықламақта.

Ең тийкарғысы, мазут жаққанда қоршаған орталықтың кескин патасланыўы бүгинги глобал климат өзгерислери дәўиринде халықтың саламатлығы ҳәм экологиялық турақлылыққа үлкен қәўип туўдырады. Тек ғана 2023-жылы мәмлекетимизде 268,6 мың тоннадан аслам мазут жағылғаны нәтийжесинде атмосфераға дерлик 16 мың тонна патасландырыўшы элемент шыққан.

Соннан келип шыққан ҳалда "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада 2025-жылдың ақырына шекем республиканың барлық аймағында ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў кәрханаларында жанылғы сыпатында мазуттан пайдаланыўды қадаған етиў ўазыйпасы белгиленген. Онда гүзги-қысқы мәўсимде ыссылық орайларын тәбийғый газ бенен толық тәмийинлеў илажлары көриледи.

Бул бағдарда Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы "Мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайы" мәмлекетлик мәкемеси санаат кәрханалары тәрепинен усынылып атырған қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў материалларының жойбарларына қатаң экологиялық талапларды орнатады.

Бәринен бурын, бул ўазыйпаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2026-жылдан баслап республиканың барлық аймағындағы ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў кәрханаларының қурылыс жойбарларына жанылғы сыпатында мазуттан пайдаланыўды қадаған етиў (ҳүкимет пенен келисилген ҳалда авариялық жанылғы сыпатында пайдаланыў жағдайлары буған кирмейди) бойынша көрсетпелер береди. Сондай-ақ, атмосфераға патасландырыўшы затлардың шығыўын азайтыў мақсетинде қоршаған орталыққа жоқары дәрежеде тәсир көрсететуғын кәрханаларға атмосфера ҳаўасын патасландырыўшы дәреклерди толық шаң-газ тазалаў үскенелери менен үскенелеў талабын белгилейди.

Бүгин мазут сыяқлы углеводород жанылғысы түрлеринен пайдаланыўшы барлық объектлер мәмлекетлик экологиялық экспертизасы объекти есапланады. Экологиялық экспертиза жумысын ҳәм ыссыхана газлери шығарылыўын тәртипке салыўшы жаңаланған нызамларға тийкарланып экономика тармақлары ушын ыссыхана газлери шығарылыўын қысқартыў мақсетли көрсеткишлерине тийкарланып экологиялық нормативлер ҳәр бир кәрхана ушын белгиленген мақсетли көрсеткишлерден келип шыққан ҳалда ислеп шығылады.

Сондай-ақ, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары және ўәлаят орайларында экологиялық қәўипли кәрханалар жумысы бойынша жаңа жойбарларды әмелге асырыўды қадаған етиў және қала қурылысы ҳүжжетлериниң экологиялық экспертизасы процесинде қурылысшыларға көп қабатлы турақ жайлар әтирапында жасыл аймақларды ҳәм тереклерди суўғарыў системасын жаратыў бойынша мәжбүрий талапларды енгизеди. Ири елатлы пунктлерде жумыс алып барып атырған, энергия сыйымлылығы үлкен ҳәм қоршаған орталыққа тәсири жоқары болған объектлерди елатлы пунктлерден басқышпа-басқыш көшириў механизмин жолға қояды.

Атмосфера ҳаўасына патасландырыўшы элементлер шығыўын таллайтуғын мониторинг станциялары ҳәм шаң-газ тазалаў үскенелерин импорт етиўде мәмлекетлик бажы муғдарын қайта көрип шығыў да бүгинги күнниң әҳмийетли талабы болып есапланады. Сондай-ақ, шаң-газ тазалаў үскенелерин ислеп шығарыўды локализациялаў механизмлерин жолға қойыў бойынша жеңиллетилген кредитлер, субсидия ҳәм преференцияларды енгизиў, мүлк салығы бойынша жеңилликлерди нәзерде тутыў усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға үлес қосады.

Экономика тармақларында мазуттан пайдаланыўды қадаған етиў пуқаралардың Конституциямызда белгиленген қолайлы қоршаған орталыққа ийе болыў ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекеттиң халықаралық ҳүжжетлер шеңбериндеги миннетлемелерин толық әмелге асырыў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге хызмет етеди.

Ислам ХУШВАҚТОВ,

"Мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайы"

мәмлекетлик мәкеме бас директорының кеңесгөйи