Ушырасыўда алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында Ферғана ўәлаятының Қува районында санаат зонасын шөлкемлестириў, онда перспективалы инвестициялық жойбарларды жайластырыў мәселелери додаланды.
Кең көлемли жойбар шеңберинде 350 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизилиўи режелестирилген. Санаат зонасында дүканлар, шоурумлар, конференция заллары, мийманханалар, саўда орайлары ҳәм басқа да ири имаратлардан ибарат 15 тен аслам объект жайласады.
Өндирислик имаратлар көп қабатлы болып, "ақыллы система" принципи тийкарында қурылады. Электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў ушын қуяш панеллерин орнатыў, экологиялық тазалықты тәмийинлеў ушын шығындыларды қайта ислеў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, жойбар шеңберинде жергиликли қәнигелерди оқытатуғын кәсипке таярлаў орайы шөлкемлестириледи.
Ушырасыў даўамында дәслепки жойбар менен таныстырыў өткерилди. Жақын күнлерде жойбарлаў материалларын биргеликте толық таярлаў ҳәм қурылыс жумысларын баслаў ушын Ферғанаға маман қәнигелер жетип келеди.
Ушырасыў соңында Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм «Heyal Holding» компаниясы арасында өз-ара халықаралық бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.








