Туризм ҳәм инвестиция мәселелери додаланды

    Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 9-апрель күни аймақлардың туризм потенциалын арттырыў, сырт ел инвестициялық жойбарларын жеделлестириў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

    Кейинги жыллары мәмлекетимиздиң туризм экспорты 1,6 есеге артып, 3 миллиард 500 миллион долларға жетти, бул тараўда 2 мыңнан аслам жаңа исбилермен жумыс баслады. Өткен жылы сырт елли туристлердиң келиўи биринши мәрте 10 миллионнан асты.

    Аймақларда туризм ҳәм сервис инфраструктурасы жүдә тез раўажланбақта. Атап айтқанда, өткен 8 жылда 6 миллиард 500 миллион доллар инвестиция киргизилип, 130 мың мийман орны ашылған.

    Бүгинги күнде 20 туризм аўылы жумыс алып бармақта. Паркент районының "Алтын бел" шыңында халықаралық дәрежедеги жаңа таў-лыжасы зонасы қурылмақта.

    Негизинде, елимиздиң тарийхы, мәденияты ҳәм тәбиятынан келип шығып, туристлерди және 2-3 есеге көбейтиў мүмкин. Бирақ айырым аймақларда жол ҳәм транспорт қолайсызлығы, кеўилашар орынлар ҳәм қызықлы бағдарламалардың жетиспеўшилиги сыяқлы кемшиликлер бар.

    Сол себепли мәжилисте орынлардағы имканиятларды жүзеге шығарып, туризм бағдарларын көбейтиў, туристлерге шараятларды кеңейтиў илажлары додаланды.

    Мәселен, Сариосиё районының тийкарғы бөлеги таўлардан ибарат болып, қысқы туризм ушын үлкен потенциал бар. Ол жерде аспа жол, мийманхана ҳәм саўда-сервис хызметлери тараўында 200 миллион долларлық жойбарлар ислеў мүмкин. Чартақ районы да гөззал тәбияты, шыпалы суўы менен белгили.

    Жуўапкерлерге усындай 36 район ҳәм қаланы этно, гастрономиялық, медициналық, экстремал, мәдений-тарийхый, зыярат, қысқы ҳәм агротуризм тийкарында раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

    Бүгинги күнде “BBC”, “Euronews” сыяқлы абырайлы телеканалларда, 20 дан аслам халықаралық көргизбелерде Өзбекстанға саяхат кеңнен үгит-нәсиятланбақта. Виза тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылып, заманагөй самолётлар алып келинбекте.

    Енди бул имканиятлардан пайдаланып, тараўдағы потенциаллы базарлардан туристлерди тартыў, тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

    Ҳәзирги ўақытта Миллий туризм бирден-бир платформасы ислеп шығылмақта. Енди оған электрон виза бериў, билет алыў процесслери де жалғанады. Сондай-ақ, барлық тарийхый естеликлерге кириў имканиятын беретуғын "бирден-бир туристлик карта" енгизиледи.

    Кейинги жыллары ишки туризмге итибардың күшейгени себепли жергиликли туристлердиң саны 23 миллионға жетти. Бирақ елеге шекем басқа ўәлаятларға саяхатқа бармағанлар көп табылады.

    Соның ушын енди ҳәр айдың бир шемби-екшембиси "шаңарақ ҳәм жәмәәт пенен саяхатқа шығыў күни", деп жәрияланады. Жаслар арасындағы жарыс жеңимпазларына Өзбекстан бойлап саяхат жолламасы саўға етиледи.

    Тараўдағы және бир бағдар - мәдений мийрас объектлери. Кейинги 4 жылда 327 усындай комплекс реставрацияланған ҳәм консервацияланған. Ҳәзир және 485 объект оңлаўға мүтәж.

    Бул жумысларға жеке меншик секторды тартып, бизнес жойбар ислеў мүмкин екени айтылды. Мәдений мийрас объектлерин ижараға бериўди жетилистириў, оларға түсимлерди санластырыў ўазыйпалары көрсетип өтилди.

    Туризм бойынша жоқары билимлендириў мүддети 4 жылдан 3 жылға қысқартылып, дуал системаға өткерилди. Енди буның даўамы сыпатында, студентлерди әмелият ҳәм жумыс ислеў ушын сырт елге жибериў жақсы нәтийже береди.

    Улыўма, бундай имканиятлар есабынан быйыл 15 миллион туристти тартыў ҳәм экспортты 4 миллиард долларға жеткериў мүмкин екени атап өтилди.

    Мәжилис күн тәртибиндеги екинши мәселе - сырт мәмлекетлер менен биргеликтеги инвестициялық жойбарларды таллаў болды.

    Усы жылдың биринши шерегиниң өзинде Бирлескен Араб Әмирликлери, Малайзия, Кувейт ҳәм Францияға сапарлар ўақтында 39 миллиард долларлық 178 жойбар бойынша келисимлерге ерисилди. Жақында Самарқандта өткен саммитте Европа Аўқамы Орайлық Азияға 12 миллиард евро ажырататуғынын мәлим етти.

    Мәмлекетимизде 2025-жылы 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў нәзерде тутылған. 81 ири, 8 мыңнан аслам орта ҳәм киши жойбар әмелге асырылыўы, донор шөлкемлерден 2 миллиард доллар грант және банклер тәрепинен 6 миллиард доллар тартылыўы белгиленген.

    Мәжилисте бул бағдардағы имканиятлар аймақлар ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлер кесиминде талланды.

    Мәселен, бурын инвестор бармаған, темир жол ямаса магистраль жол да өтпеген Алтынсай районында 100 миллион долларлық 3 ири жойбар әмелге асырылмақта. Ямаса Қўшработта гранит тас қазып алыў ҳәм қайта ислеў бойынша 75 миллион долларлық 2 жаңа жойбар басланған. Изленсе, бундай имканиятлар ҳәр бир аймақта бар.

    Өткен айда Лондонда "Өзбекстан инвесторлары күни" шөлкемлестирилди. Усы жылдың өзинде 2 миллиард 770 миллион доллар тартыў бойынша келисимге ерисилди. Бундай илажларды Нью-Йорк, Сингапур, Гонконг, Дубай, Шанхай, Токио, Стамбул сыяқлы бизнес орайларында да шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Меншиклестириўге байланыслы үлкен бағдарлама ислеп шығылмақта. Оған бола, 49 кәрханадағы мәмлекетлик үлес халықаралық базарда сатылыўы, 15 ири мәмлекетлик кәрхана евробонд шығарыўы мөлшерленген. Булар да сырт ел инвестицияларын тартыў ушын үлкен имканият.

    Усы айда Жиззақта, июньде болса Ташкент қаласында халықаралық инвестиция форумлары өткериледи. Оларда инвесторларға усыныс етиў ушын жойбарлар топламын пуқта қәлиплестириў зәрүр.

    Халықаралық финанс институтлары менен жаңаша системада исленип атырғаны себепли жыл басынан берли 706 миллион доллар өзлестирилди. Ыссылық станциялары, аймақлық электр тармақлары, аўыл хожалығы, автомобиль ҳәм темир жол системаларындағы жойбарлар бир қанша илгериледи.

    Бирақ ўақтында орынланбаған ямаса тийкарсыз созылып атырған жағдайлар да бар. Буннан кейин таяр жойбарға өзгерис киргизиў тек ғана Ҳүкимет шеңберинде көрип шығылыўы, қосымша жумыслар жойбар жуўмақланғаннан соң, үнемленген қаржы есабынан болыўы атап өтилди.

    Ҳәзирги ўақытта халықаралық финанс шөлкемлери менен еэнергетика, транспорт, аграр, коммунал ҳәм социаллық тараўларда 20 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Сырт елли шериклер мәмлекетимиздеги реформаларды қоллап-қуўатламақта.

    Соның ишинде, өткен айларда Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки, Франция раўажланыў агентлиги, Ислам раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы ўәкиллери Қарақалпақстан, Әндижан, Жиззақ, Сурхандәрья ҳәм Сырдәрьяға барып, 200 ге шамалас исбилермен менен ислести. Қысқа ўақыт ишинде 1,5 миллиард долларлық жойбарларды қаржыландырыўға келисип алынды.

    Бас министрдиң орынбасарына бул әмелиятты системаға айландырып, басқа аймақларда да және кеминде 3 миллиард долларлық жойбарларды қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

    Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрлер, ҳәкимлер, сырт мәмлекетлердеги елшилер ҳәм тараўдағы исбилерменлердиң усыныслары тыңланды.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates