баннер
21 Mar 2025
04:25

    Мәйек пайдаланыўда нелерге итибар қаратыў керек?

    Мәйек жүдә көпшилик ушын сүйикли азанғы аўқат есапланады. Бирақ оны пайдаланыўда әпиўайы қағыйдаларға әмел етпеў ақыбетлери ҳаққында көпшилик билмейди.

    Мәйек ең кең тарқалган азық-аўқат өнимлеринен бири есапланады. Онда микроорганизмлердиң көбейиўи ушын қолайлы шараят бар екенлиги себепли надурыс сақлаў нәтийжесинде олар тез раўажланады.

    Мәйек әмелдеги санитария қағыйдалары ҳәм нормалары бойынша төмендеги көрсеткишлерге тексериледи:

    мезофил аэроб факультатив анаэроб микроорганизмлерге

    ишек таяқшалари бактериялар топары (ИТБТ)

    патоген энтеробактерияларға

    Кеселленген мәйекти пайдаланыў нәтийжесинде адамларда азық-аўқат өнимлери арқалы жуғыўшы кеселликлер, атап айтқанда, салмонеллёз кеселлиги жуғыўы мүмкин.

    Салмонеллалардың раўажланыўы ушын ең қолайлы орталық мәйек сарыўзы есапланады. Олардың арасында ең үлкен қәўип туўдыратуғынлары мәйек арқалы жуғатуғын Salmonella enteritidis, Salmonella Pullorum, Salmonella gallinarum, Salmonella Typhimurium, Salmonella newport, Salmonella dublin, Salmonella anatum ҳәм басқалар есапланады.

    Салмонеллёз жуқпалы ишек кеселлиги болып, өз ўақтында емленбесе, ҳәтте өлимге алып келиўи мүмкин. Кеселликтиң клиникалық белгилери ишек қақырығы, дене температурасының көтерилиўи, қарын аўырыўы ҳәм иш кетиўи менен характерленеди.

    Сол себепли кеселлик белгилери пайда болғанда дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиў керек.

    Кеселликтиң алдын алыў ушын:

    сатып алынған мәйекти 1 литр суўға 20 грамм сода салған еритпеде 20 минут жибитип қойыў, соң таза суў менен шайыў ҳәм дезинфекциялаўшы еритпе менен жуўыў;

    музлатқышта өз алдына мәйек ушын ажыратылған жерде сақлаў;

    қайнап писириўде 15-20 минут қайнатыў, қуўырыўда болса еки тәрепин қуўырыў;

    жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў усыныс етиледи.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech