Атап айтқанда, "Мәлимлемелестириў ҳаққында"ғы нызамға төмендегилерге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте:
жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўдың улыўма тийкарларын белгилеў;
ўәкилликли мәмлекетлик уйымның бул тараўдағы ўәкилликлерин анықластырыў.
Нызамға муўапық, жасалма интеллект - инсан интеллектуаллық жумысының нәтийжелерине тең келетуғын нәтийжелерди алыў ушын оның билиў функцияларын (өз-өзин үйрениў, шешим табыў ҳәм анық ўазыйпаларды орынлаў) имитациялаў имканиятын беретуғын технологиялық шешимлер комплекси болып есапланады.
Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине байланыслы ҳуқықый әҳмийетке ийе қарарлар қабыл етиўде тек ғана жасалма интеллект технологиялары тийкарында ислейтуғын мәлимлеме системаларының жуўмақларына сүйениў қадаған етиледи.
Соның менен бирге, жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда жеке мағлыўматларға нызамға қайшы түрде ислеў бергени, оларды ҒХҚ, телекоммуникация тармақлары ямаса Интернет тармағында тарқатқаны ушын:
ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеў қуралларын конфискациялап, БЕМның 50 есесинен 100 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыў жазасы белгиленген.