Режеге муўапық, Академия төмендеги қәнигеликлер бойынша кадрлар таярлайды:

  • аймақларды комплексли раўажландырыў;
  • мәмлекетлик басқарыў;
  • инсан ресурсларын раўажландырыў;
  • мәмлекет сиясаты;
  • мәмлекетлик қаржыларды басқарыў

Академия магистратурасына қабыллаў мәмлекетлик буйыртпа тийкарында мәмлекетлик грант қаржылары есабынан ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында қабыллаўды шөлкемлестириў ушын талабанларды дәслепки таңлап алыў бойынша уйымлық комиссия дүзиледи.

Талабан уйымлық комиссияға төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:

  • кейинги еки жылдағы жумыстың унамлы нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлар;
  • мағлыўматнама-объективка;
  • талабанның қосымша жетискенликлери ҳаққындағы мағлыўматлар: илимий дәреже, илимий атақ, шет тиллерди билиўи ҳаққындағы сертификат ҳәм басқалар.

Магистратурада оқыўға усыныс етилген талабанлардың улыўма санының кеминде 30 процентин ҳаял-қызлар қураўы керек.

Академияда магистратура қәнигеликлери бойынша мәмлекетлик буйыртпа тийкарында таңлаў еки басқышта - тест сынағы ҳәм сәўбетлесиў арқалы әмелге асырылады.

Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға усыныс етилген талабанларды Академия тыңлаўшыларына қабыллаў қабыллаў комиссиясының қарары тийкарында ректор буйрығы менен әмелге асырылады.