Исбилерменлик субъектлерине субсидиялар берилиўин системалы мониторинг етиў тәртиби тастыйықланды

    Бизнес 14 желтоқсан 2025 187

    Ҳүкимет қарары менен Исбилерменлик субъектлерине субсидия, жеңиллик ҳәм преференциялар берилиўин мониторинг етиў, олардың нәтийжелилигин баҳалаў және тийкарсыз алынған ҳәм мақсетсиз пайдаланылған субсидияларды қайтарыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Режеге муўапық, қоллап-қуўатлаў илажларын көрсетиўши шөлкем тәрепинен оларды көрсетиўде исбилермен ерисиўи зәрүр болған анық мақсетли көрсеткишлер белгиленеди.

    Исбилерменлерге субсидия ажыратыў мониторинги «subsidiya.mf.uz» платформасы арқалы әмелге асырылмақта.

    Нәтийжелиликти баҳалаўда дереклерден төмендеги избе-изликте пайдаланылады:

    исбилерменниң финанслық, салық есабатлары;

    тармақ уйымлары ямаса статистика уйымларының мағлыўматлары;

    исбилермен тәрепинен усынылған қоллап-қуўатлаў илажларының нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлар.

    Нәтийжелилик ҳәр бир исбилермен ушын экономикалық, финанслық (бюджет) ҳәм социаллық өлшемлер бойынша өз алдына баҳаланады.

    Исбилерменге берилген субсидиялар төмендеги жағдайларда қайтарылады:

    исбилермен тәрепинен субсидия ҳаққындағы шәртнама (келисим) бойынша ерисилиўи зәрүр болған анық мақсетли көрсеткишлер орынланбағанда;

    қаржылардан мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў анықланғанда;

    субсидияларды тийкарсыз алыў, сондай-ақ, исбилермен тәрепинен исенимсиз ямаса бузылған мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлер усыныў жағдайлары анықланған жағдайда.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates