Режеге муўапық, қоллап-қуўатлаў илажларын көрсетиўши шөлкем тәрепинен оларды көрсетиўде исбилермен ерисиўи зәрүр болған анық мақсетли көрсеткишлер белгиленеди.

Исбилерменлерге субсидия ажыратыў мониторинги «subsidiya.mf.uz» платформасы арқалы әмелге асырылмақта.

Нәтийжелиликти баҳалаўда дереклерден төмендеги избе-изликте пайдаланылады:

исбилерменниң финанслық, салық есабатлары;

тармақ уйымлары ямаса статистика уйымларының мағлыўматлары;

исбилермен тәрепинен усынылған қоллап-қуўатлаў илажларының нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлар.

Нәтийжелилик ҳәр бир исбилермен ушын экономикалық, финанслық (бюджет) ҳәм социаллық өлшемлер бойынша өз алдына баҳаланады.

Исбилерменге берилген субсидиялар төмендеги жағдайларда қайтарылады:

исбилермен тәрепинен субсидия ҳаққындағы шәртнама (келисим) бойынша ерисилиўи зәрүр болған анық мақсетли көрсеткишлер орынланбағанда;

қаржылардан мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў анықланғанда;

субсидияларды тийкарсыз алыў, сондай-ақ, исбилермен тәрепинен исенимсиз ямаса бузылған мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлер усыныў жағдайлары анықланған жағдайда.