Еслетип өтемиз, "Өзбекстан - 2030" стратегиясында (11.09.2023-ж.) мәмлекетти орта мүддетли келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары, мақсетлери ҳәм оларға ерисиў нәтийжелилигиниң көрсеткишлери белгиленген. Оның заманагөй улыўма жәҳән тенденциялары, глобал өзгерислер ҳәм жаңа қәўип-қәтерлер менен үнлеслигин тәмийинлеў ушын ҳүжжетте:

"Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде ерисилген табыслар ҳәм бар машқалаларды есапқа алған ҳалда реал шараятларға сәйкес келетуғын, өлшеў ҳәм баҳалаў мүмкин болған нәтийжелилик көрсеткишлерин белгилеў;

орта мүддетли перспективаға мөлшерленген мақсетлердиң нәтийжелилик көрсеткишлерин жаңалаў;

Стратегия мақсетлерине ерисиў мониторингин толық санластырыў;

тараўлар, тармақлар ҳәм аймақларды раўажландырыў бойынша стратегиялық режелестириў ҳүжжетлерин "Өзбекстан - 2030" стратегиясы менен үйлестириў;

Тастыйықланған:

2023-2025-жылларда ерисилген нәтийжелилик көрсеткишлери ҳәм өткерилген баҳалаў нәтийжелери тийкарында жаңаланған 2026-2030-жылларға мөлшерленген "Өзбекстан - 2030" стратегиясы;

"Өзбекстан - 2030" стратегиясы мақсетлериниң нәтийжелилик көрсеткишлерин қәлиплестириўдиң мәлимлеме дәреклери;

"Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияның қурамы;

"Өзбекстан - 2030" стратегиясы мақсетлериниң нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисиў мониторинги Стратегиялық режелестириў ҳәм раўажланыўдың санлы платформасында жыллар кесиминде өсип барыў принципи тийкарында алып барылмақта.

Нәтийжелиликтиң мақсетли көрсеткишлерине ерисиў жағдайы төмендеги категорияларға бөлинеди:

"жасыл" - тийисли нәтийжелилик көрсеткишлерине өз ўақтында ҳәм толық ерисиў;

"сары" - тийисли нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисиўде артта қалыўшылық бар, бирақ оларды сапластырыў имканияты бар;

"қызыл" - нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисиўде үлкен артта қалыўшылықлар бар ямаса оларға улыўма ерисилмеген.

Бунда:

"жасыл" категорияға киргизилген нәтийжелилик көрсеткишлери ушын жуўапкер болған уйымларға хошаметлеў илажлары қолланылады;

"сары" категорияға киргизилген нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисиўдеги артта қалыўшылық себеплерине бола таллаў өткериледи ҳәм оларды сапластырыў мақсетинде Министрлер Кабинети тәрепинен тийисли уйымға зәрүр илажлар көриў ҳаққында көрсетпе бериледи;

"қызыл" категорияға киргизилген нәтийжелилик көрсеткишлери ушын жуўапкер уйымлардың жумысы Министрлер Кабинети Президиумының мәжилисинде сын көзқарастан көрип шығылыўы зәрүр.

Ҳүжжет пенен төмендеги дизимлер тастыйықланды:

"Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде 2026-жылы ислеп шығылатуғын, сондай-ақ, жаңа редакцияда ислеп шығылатуғын стратегиялық режелестириў ҳүжжетлериниң жойбарлары;

"Өзбекстан - 2030" стратегиясының мақсетлери ҳәм нәтийжелилик көрсеткишлерине муўапық қайта көрип шығылатуғын концепция ҳәм стратегиялардың;

Келешекте аналитикалық орайлар ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери тәрепинен стратегиялық режелестириў ҳүжжетлери жойбарларының илимий тийкарланғанлығы бойынша комплексли таллаў өткериледи, тараў, тармақ ҳәм аймақлардағы системалы машқалалар, қәўип-қәтерлер ҳәм өсиў ноқатлары анықланады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».