Пәрманға бола, қурылысқа үлеслердиң қаржыларын тартыў 2025-жыл 1-июльден 2025-жыл 31-декабрьге шекем "эскроу" есап бетлери арқалы ҳәм ҳәзирги ўақытта әмелде болған үлесли қатнасыў тәртибинде тиккелей тартыў механизми бойынша параллель түрде тәреплердиң таңлаўына бола әмелге асырылады.
Сондай-ақ, қаржыларды тартыў 2026-жыл 1-январьдан тек ғана "эскроу" есап бетлери арқалы әмелге асырылады.
"Шаффоф қурилиш" мәлимлеме системасы шеңберинде турақ жайлар қурылысы бойынша электрон платформа жаратылып, 2025-жыл 1-июльден толық иске қосылады.
2025-жыл 1-июльге шекем үлеслик шәртнама бойынша талап етиў ҳәм гиреў ҳуқықларын басқа шахсқа өткериўди нәзерде тутқан ҳалда үлеслик шәртнамаларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм салық уйымларына электрон көринисте усынып барыў системасы енгизиледи.