Кейинги жыллары бул жердеги жағдай, халықтың турмыс тәризи, дүнья қарасы өзгерди. Уйчи районы исбилерменлик, санаат потенциалы раўажланған аймақ сыпатында көпшиликтиң итибары ҳәм тән алыўына еристи. Тегис жоллар, үлкен-киши өндирис кәрханалары, саўлатлы имарат ҳәм объектлер районның жаңа "мирәт қағазы" десек, қәте болмайды.
Район жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айланды. Бул жерге келетуғын, бар шараят ҳәм әмелий жумыс тәжирийбелери менен бөлисип атырған, тәжирийбе алмасып атырғанлар көбейди. Бул бийкарға емес, әлбетте.
Президентимиз өткен жылдың 25-26-март күнлери Наманган ўәлаятына еткен әмелий сапары ўақтында салыстырмалы аўыр аймақ болған Уйчи районын жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды үлги сыпатында көрсетип, оны ғалаба ен жайдырыў усынысын алға қойды.
Өткен қысқа ўақыт даўамында бул жерде 17 мың 131 халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматларын арттырыў, жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў, кәмбағаллық ҳәм миграцияны кескин азайтыў бойынша анық илажлар ислеп шығылды. Өткен жылдың декабрь жағдайына бул рет 24 мыңнан аслам халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Жеңилликли бағдарламалар шеңберинде 2803 халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине 55,3 миллиард сум, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға 30,1 миллиард сум, "Бизнеске биринши қәдем" ҳәм "Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў" бағдарламалары шеңберинде 25 миллиард сумнан аслам кредит қаржылары өзлестирилди.
Президентимиздиң басшылығында 2024-жыл 17-июль күни аймақлар ҳәм тармақларда экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша биринши ярым жыллық таллаў ҳәм жыл ақырына шекем тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Уйчи тәжирийбеси өзин ақлағаны тән алынып, жаңа пәт бағышлаў зәрүр екенлиги көрсетип өтилген еди.
Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәҳәллелерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша штаб шөлкемлестирилип, ҳәр бир мәҳәллеге банк ҳәм шөлкемлер бириктирилди. Онда коммерциялық банклер тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң машқалалары менен усынысларын үйрениў, қаржылай қоллап-қуўатлаў, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў бағдарында алып барылып атырған реформалар өз нәтийжесин бермекте.
Бирге ислесиўде ҳикмет көп
Уйчи тәжирийбеси өзгеше түрде әмелиятқа енгизилгени менен ажыралып турады. Оның айрықша ҳәм өзине тән тәрепи, исбилерменлер ҳәм бизнес пенен шуғылланыўды қәлеўши халық ўәкиллери менен мәнзилли ислеўде. Яғный, ҳәкимлик жер, электр, суў, жол ҳәм басқа да инфраструктура мәселесин, банк болса қаржыны шешеди. Ҳәкимлик жуўапкерлери исбилерменлер менен, банк басшылары болса қарыйдарлары менен турақлы ушырасып, бизнести кеңейтиў ушын зәрүр илажларды ислеп шығыўда әмелий жәрдем берип, қоллап-қуўатлап келмекте. Мәҳәллелерде "үйме-үй" ҳәм "тутыныўшы" жумыс шөлкемлестирилди. Оның есабынан 36,1 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленди ҳәм рәсмий емес жумыс орынлары нызамластырылды. Атап айтқанда, банк ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қатнасыўындағы ушырасыўларда жүзлеген машқалалардың шешилиўи арқалы 878 жумыссыз турақлы жумысқа жайластырылды. Коммерциялық банклер ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң жәрдеминде 1404 микро жойбар иске қосылды. Бар бос жумыс орынларында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 17 мәрте мийнет ярмаркасы өткерилди. Онда 273 жумыссыз бенен мийнет шәртнамалары дүзилип, 473 и кәсип-өнерге оқытылды, 355 и ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылды. Субсидия қаржылары есабынан жумыссызларға мийнет қураллары, соның ишинде, тигиў машиналары, шийки зат, мотоокультиваторлар берилип, турақлы дәрамат дәреклерине ийе болды.
Районымызда 40 гектар майданда шөлкемлестирилген 5 киши санаат зонасында усы күнге шекем улыўма баҳасы 502 миллиард сум болған 110 жойбардың иске қосылыўы есабынан 3 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.
“Inexo Plast” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен баҳасы 8,2 миллиард сумға тең пластикалық профиллер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылды. "Мега текстиль" қоспа кәрханасында жылына 152 миллиард сумлық жеңил санаат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм 10 миллион долларға тең экспорт қуўатлылықлары жаратылды. Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен баҳасы 7 миллион доллар болған инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Онда жергиликли шийки затлардан жатақхана простинал арын таярлаў, кластер усылында пахта жетистириў, пахта, туқым, сүтти қайта ислеў сыяқлы жаңа жойбарлар орын алған. Буның есабынан бар жумыс орынларының саны 900 ге жеткериледи.
"Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңберинде 2 845 халық кәмбағаллықтан шығарылды. Оның ушын "кәмбағал шаңарақлар ушын жети имканият ҳәм жуўапкершилик" принципи тийкарында әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша анық жуўапкерлер ҳәм айма-ай илажлар белгилеп алынды. Дәслепки басқышта ўәлаят ҳәм район дәрежесиндеги 92 басшы-орынбасарға бириктирилген жәми 445 кәмбағал шаңарақтың жағдайы толық үйренилди.
2025-жылы жумыссызлық дәрежесин 1,3 процентке, кәмбағаллық дәрежесин 3,4 процентке шекем түсириў, мигрантлар санын арттырмастан, 1012 пуқараны раўажланған мәмлекетлердеги жоқары мийнет ҳақы төлейтуғын компанияларға шөлкемлескен тәртипте жумысқа жибериў режелестирилген. Усы мақсетте халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жергиликли ҳәкимликлер, коммерциялық банклер ҳәм тийисли экономикалық уйымлар менен бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды.
Шуҳрат Мусаев,
Уйчи районы ҳәкими
Қыршылдаған жигит болып, ислеўди қәлеймен
Мәҳәллемиз районның ең үлкен ҳәм халық тығыз массивлеринен бири - Жийдакапа аўылында жайласқан. Жақында сесен еки жасты қарсы алдым. Қырық жыл райондағы 18-мектепте баслаўыш класс муғаллими болып, жасларға тәлим-тәрбия бергенмен. Өмирлик жолдасым менен еки ул, үш қызды камалға келтирдик, жигирмаға шамалас ақлық, шаўлықларымыз бар.
Наманган-Әндижан автомагистраль жолы мәҳәллемиздиң үстинен өткен. Кейинги жыллары темиршилик, атап айтқанда, ҳәўли ҳәм шаңарақлар ушын темир дәрўазалар таярлаў көбейди. Жумыс тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў, өнерментлер ушын мүнәсип жумыс шараятын жаратыў мақсетинде темиршиликке қәнигелескен жаслар киши санаат зонасы шөлкемлестирилди. Бул жерде темир дәрўаза, есик, пәнжере ҳәм басқа да металл буйымлар таярланбақта. Өнимге болған талаптың артып барыўы өндирис көлемин кеңейтиўди талап етти, бирақ орын тар, имканиятлар жоқ еди. Себеби, соңғы жыллары дерлик ҳәр бир шаңарақта усындай устаханалар шөлкемлестирилген.
Бул иске ақлықларым да қатнасты. Дәслеп үй шараятында өним таярлаўды жолға қойды. Президентимиздиң арнаўлы санаат зонасын қурыў, өндирис ушын зәрүр жол, суў, электр энергиясы сыяқлы зәрүр инфраструктура тармақларын алып келиў, жумыс түрлерин кеңейтиў менен байланыслы шараятлар жаратып бериў бойынша берген усыныс ҳәм көрсетпелери тараўдың раўажланыўында ҳәр тәреплеме қол келди. Темиршилик және де ғалабаласып, темир дәрўазалар таярлаў процеси санаатластырылды.
Бурынлары мәҳәллемиз жаслары, әсиресе, ер адамлар сырт елге жумыс излеп барыўға мәжбүр болған. Бүгин бул процесс пүткиллей сапластырылды. Ҳәмме өз шаңарағы қушағында емин-еркин, абадан жасап, мийнет етпекте.
Буларды көрип, жеткергени, көрсеткени ушын миннетдаршылық билдиремен. Усталар таярлап атырған темир дәрўазаларға ҳайран қаламан, сулыў, бийтәкирар, бир-бирине қол-қанат болып мийнет етип атырған жаслардың ҳәрекетине, излениўлерине ҳәўес етип, қыршылдаған жигит болып ислеўди қәлейман.
Аббосали ата Акбаров,
"Қумтепа" мәкан пуқаралар жыйыны мийнет белсендиси
Шетки аўыл санаатласпақта
Мәҳәллемиз район орайынан 15 шақырым узақлықта жайласқан. Тийкарынан дийқаншылық, шарўашылық бағдарына қәнигелескен аўылға киши санаат тармақларының кирип келиўи есабынан жумыссызлық, кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айланды.
Мәҳәлле аймағында жыллар даўамында қараўсыз қалған бос имарат исбилермен Батыр Муҳаммадалиевтың басламасы менен оңланып, үскенеленгеннен соң мәўсимлик аяқ кийимлер ислеп шығарыў жолға қойылды. Оның ушын "Бизнеске биринши қәдем" микро жойбары тийкарында "Халық банки" тәрепинен жеңиллетилген кредит қаржылары берилди. Ҳәзирги күнде 30 дан аслам турақлы жумыс орны жаратылды. Буннан тысқары, 50 ден аслам жумысты үйге алып ислеўшилер менен шәртнама тийкарында жумыс алып барылмақта.
Шетки аўылда ислеп шығарылып атырған өнимлер сырт елге экспорт етилип атыр, десем, ким болса да исенбеўи мүмкин, бирақ бул ҳақыйқат. Бул жерде ислеп шығарылып атырған өнимниң бир бөлеги Тәжикстан ҳәм Қырғызстанға экспорт етилмекте. Бул адамлардың руўхын көтерди, өзлерине болған исенимди және де беккемледи.
2024-жылдың басында өткерилген "үйме-үй" үйрениўлеримиз нәтийжесинде жумыс ислеў тилегинде болған 86 жумыссыз пуқара бар екенлиги анықланған еди. Усы күнге шекем олардың барлығы турақлы дәраматқа ийе болған жумыс орынлары менен тәмийинленди. Көпшилик жаслар жаңадан шөлкемлестирилген кәрханаға жумысқа кирген болса, 19 ҳаял-қызға субсидия тийкарында тигиў машиналары берилип, өзин-өзи бәнт етти, 6 жас мотокультиваторлар менен тәмийинленди. 23 ҳаял-қыз тигиўшилик бағдарында кәсип-өнерге оқытылып, аяқ кийим кәрханасына жумысқа ораластырылды.
Буннан тысқары, ыссыхана, шарўашылық, пал ҳәррешилик бағдарларын қамтып алған бир қатар жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 394 миллион сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықтан шығарыў бағдарында алып барып атырған жумысларымыз усының менен жуўмағына жеткен жоқ, әлбетте. Турмыс даўам етер екен, оның өзине жараса машқалалары да ушырасып турады. Бүгинги күнде тийкарғы итибар мийнет миграциясындағы жаслар менен ислесиўге қаратылған. Бул бағдарда ҳәкимлик, мәҳәлле жетилиги, банк ўәкиллери менен тез-тез сөйлесиў өткериў дәстүрге айланған. Сөйлесиўлер процесинде жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер, бар машқала ҳәм олардың шешими, жаңа басламаларды қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар берилип барылмақта, жаслардың пикирлери менен де бөлисип барылмақта.
Акмалжон Убайдуллаев,
"Хожаабад" мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси
Миграция тийкарғы мәселе
Мийнет миграциясындағы пуқараларды қайтарыў ҳәм оларды дәраматлы жумыс орынларында бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жуўапкерлер тәрепинен, ҳәр бир мигрант пенен онлайн сәўбетлесип, сырт елдеги жумыс шараяты, таўып атырған дәраматы ҳәм машқалалары үйренилди. Жетерли дәраматқа ийе болмаған пуқараларды үйлерине қайтарыў ҳәм дәраматлы жумыс орынлары менен тәмийинлеў илажлары көрилмекте.
Әмелий илажлар нәтийжесинде, усы күнге шекем 5794 пуқара мийнет миграциясынан қайтарылды. Усы жерде итибарлы нәрсени айтып өтпекшимен. 2017-жылы районымызда тек ғана май заводы ҳәм "Каптекс" жеке меншик кәрханасы жумыс алып барған. Бүгинги күнге келип, "Ёркатай", “Овчибулоқ”, ”Қумтепа” сыяқлы киши ҳәм жаслар санаат зоналары шөлкемлестирилип, жүзлеген заманагөй өндирис тармақларының жумысы жолға қойылды. Ҳәр бир сектор кесиминде исбилерменлердиң жумысы кеңейтилип, “Либос Гулшани”, ”Мегатекстиль”, “Баркас текст”, “Водий ипак гилами” сыяқлы жаңа санаат кәрханалары есабынан жүзлеген жумыс орны жаратылды.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке жәрдемлесиў басқармасы менен биргеликте мәмлекетлик емес билимлендириў жумысы менен шуғылланып атырған “Ra'noxon Textil Servis”, “Solexa Samo” ҳәм “Academy Senior IT” оқыў орайларында 400 ге шамалас жумыссыз пуқара тигиўшилик, аспаз-кондитер, санлы технологиялар, мультимедиа системалары техниги сыяқлы бағдарларда оқыўға қабыл етилди. Мәҳәллелердеги жумыссыз ҳәм кәмбағал шаңарақлар менен мәнзилли ислесиў нәтийжесинде 2024-жылдың басына салыстырғанда жумыссызлық дәрежеси 6,9 проценттен 4,5 процентке түсирилди, кәмбағаллық 5,3 процентке азайтылып, 5,3 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды.
Районымызда жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде "Жаслар бәнтлиги бағдарламалары" ислеп шығылды. Усы күнге шекем 462 жас, сондай-ақ, жақында мийнет базарына кирип келген 1250 питкериўши кепилликли жумыс орынлары менен тәмийинленди. Нәтийжеде, 56 мәҳәлле пуқаралар жыйыны "жаслар жумыссызлығынан жырақ аймақ"қа айланды.
Долимжон Мавлонов,
Уйчи районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими баслығы
***
Бир сөз бенен айтқанда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықтан шығарыў бағдарында басланған Уйчи тәжирийбеси ийгиликли ислер, басламаларға байлығы менен ажыралып турады. Турмыслық реформалар халықтың дәраматын арттырыў, аўылға санаатты алып кириў, инфраструктура тармақларының жумысын кеңейтиў имканиятын берип атырғаны менен әҳмийетли.
"Янги Ўзбекистон"
хабаршысы Расулжон КАМОЛОВ таярлады.