Бүгинги күнде елимизде Интернет тармағында информацияларды тарқатыў ҳәм мағлыўматларды излеў имканиятлары кеңейип бармақта. Атап айтқанда, Өзбекстанда интернеттен пайдаланыўшылардың саны 31 миллионнан асты, соннан 14 миллионы социаллық тармақлардан жедел пайдаланбақта.
Соның менен бирге, интернет ҳәм социаллық тармақлардан нызамға қайшы мақсетлерде пайдаланыў жағдайлары барған сайын көбейип бармақта. Мәселен, кейинги алты жылда елимизде кибержынаятлар бойынша мүрәжатлар саны 48 есеге артқан. Өткен жылы алдаўшылықлардың 82 проценти, урлықлардың 76 проценти кибермәканда жүз берген. Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген материаллық зыян 2 триллион сумнан артты.
Презентацияда атап өтилгениндей, мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылып атырған ҳуқықбузарлықлардың кескин артып баратырғаны миллий нызамшылықты жетилистириў, бундай жынаятлар ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў, кибержынаятшылықтың жаңа түрлери ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нормаларды киргизиў зәрүрлигинен дәрек береди. Мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятлар, сондай-ақ, көплеген пуқараларға зыян келтиретуғын финанслық пирамидалар ушын жазаны күшейтиў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Пуқаралардың өз атына рәсмийлестирилген электрон төлем қураллары ҳәм абонент номерлеринен пайдаланғаны ушын жеке жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде кибержынаятларды ислеўде олардың атына дизимге алынған электрон төлем қураллары, криптоҳамёнлар, SIM-карта ҳәм электрон есап бетлерден пайдаланыўға жол қойғаны ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти белгилеў усыныс етилди.
Әҳмийетли мәлимлеме инфраструктурасы объектлерине қаратылған, аўыр ақыбетлер ҳәм үлкен материаллық зыян келтириўи мүмкин болған киберҳүжимлер глобаллық көриниске ийе болып атырғаны ҳәм бул республикамызда да бақланып атырғаны атап өтилди. Бул юридикалық тәреплерден заманагөй қәўип-қәтерлерди есапқа алған ҳалда өз қарамағындағы мәлимлеме системаларын қорғаўды турақлы жетилистирип барыўды ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыўды талап етпекте.
Усы мүнәсибет пенен ақыбетлер келип шыққан ямаса шықпағанына қарамастан, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик тараўындағы талапларға әмел етпегени ушын юридикалық тәреплерге ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилеў усыныс етилди.
Бул аралықтан финанслық хызметлер көрсетиўши банклерге де толық тийисли екенлиги, олар алдаўшылықтың алдын алыў ушын өз системаларын қорғаў ҳәм қәўипсизлик илажларын турақлы түрде жетилистирип барыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, өткен жылларда 3 банк системасындағы кемшиликлер себепли 3 мың 25 қарыйдарға 17 миллиард сум муғдарында материаллық зыян жеткерилген.
Соны есапқа алып, коммерциялық банклер, төлем системалары операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик талапларына әмел етпеўи ақыбетинде жүз берген кибержынаятлар нәтийжесинде жеткерилген материаллық зыян ушын олардың жуўапкершилигин нызам менен беккемлеў басламасы алға қойылды.
Презентацияда шөлкемлескен жынаятшылықтың түрлери ҳәм усыллары да өзгерип атырғаны атап өтилди. Шөлкемлескен топарлар тәрепинен жәмийетлик минез-қулық нормаларын ашықтан-ашық менсинбеўшилик пенен өзин нызамға көрсетпели түрде қарсы қойыў, соның ишинде, оқ атыў қуралын көрсетиў ямаса қолланыў арқалы, сондай-ақ, жәмийетлик тәртипти сақлаў ўазыйпасын атқарып атырған ҳәкимият ўәкиллерине қарсылық көрсетиў арқалы әмелдеги жаза илажлары бүгинги күнде жетерли дәрежеде нәтийже бермей атырғаны атап өтилди.
Буннан тысқары, кейинги ўақытта жаслар қатнасып атырған жаўынгерлик ҳәм аралас спорт түрлери бойынша жасырын түрде нызамсыз беллесиўлер шөлкемлестириў жағдайлары бақланбақта. Соның менен бирге, бүгинги күнде бундай ҳәрекетлер ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылмағанлығы атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен бундай қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, оған қарсы маўасасыз гүресиў ҳәм сапластырыўға қаратылған нормаларды нызам ҳүжжетлерине киргизиў ўақты келгенлиги атап өтилди.
Аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислеў мақсетинде жынайый жәмийетти шөлкемлестириў, оны қаржыландырыў, бундай топарлар тәрепинен жүз берген жынаятларды жасырыўға жәрдемлесиў, жаўынгерлик спорт түрлери бойынша жарысларды нызамсыз шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нормаларды киргизиў усыныс етилди. Соның менен бирге, тәртипсизлик ушын жаза илажларын күшейтиў, нызамсыз шөлкемлестирилген жаўынгерлик спорт жарысларында қатнасқаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў усыныс етилди.
Презентацияда мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик орынларда шөлкемлескен ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң жынайый-ҳуқықый механизмлерин және де күшейтиўге қаратылған нызам жойбарлары таныстырылды.
Президентимиз билдирилген усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.