2025-жыл 14-апрельден баслап, "Ҳаж-2025" бағдарламасы шеңберинде Uzbekistan Airways Ташкент-Жидда-Ташкент жөнелисиндеги рейслерде Умра визасына ийе жолаўшыларды қабыллаўды тоқтатқанын мәлим етти.

Атап өтилиўинше, 2025-жыл 14-апрельден баслап авиакомпания рейслери арқалы Саудия Арабстанына барып атырған барлық жолаўшылар Ташкентке қайтып келиў билетине ийе болыўы ҳәм 2025-жыл 30-апрельге шекем мәмлекет аймағынан шығып кетиўи шәрт.

Егер 30-апрельден кейин Саудия Арабстанында қалған жолаўшылар анықланса, жәриймалар ушын жуўапкершилик агент ямаса жолаўшыға жүкленеди.

Саудия Арабстаны Пуқаралық авиациясы бас басқармасының айланысына муўапық, Uzbekistan Airways тәрепинен әмелге асырылып атырған Ташкент - Жидда - Ташкент рейслери 2025-жыл 30-апрельден баслап бийкар етиледи.