Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер әмелдеги биргеликтеги жойбарлардың орынланыўын додалады, санаат кооперациясын тереңлестириў бойынша гезектеги қәдемлерди белгилеп алды ҳәм санаат кооперациясының 2030-жылға шекемги "жол картасы"н ислеп шығыў режелерин көрип шықты.
Қусшылық, аўыл хожалығы техникасын жыйнаў ҳәм кабель өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларына айрықша итибар қаратылды.
Буннан тысқары, еки тәреплеме инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, қоспа кәрханалардың жумысы додаланды.
Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында Беларусь капиталы қатнасында 244, Беларусь Республикасында болса Өзбекстан капиталы қатнасында 229 кәрхана жумыс алып бармақта. Олардың тийкарғы жумыс бағдарлары тоқымашылық ҳәм фармацевтика санааты, қурылыс материаллары ҳәм былғары өнимлерин ислеп шығарыў, дәлдалшылық ҳәм логистика хызметлерин қамтып алған.