Сөйлесиўлерде биргеликтеги жойбарлар шеңбериндеги бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары көрип шығылды. Санластырыў, транспорт, ең әҳмийетли шийки зат ҳәм суў хожалығы тараўларындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, тәреплер ЕА, Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бар сөйлесиў майданлары ҳәм исбилерменлик бирге ислесиў механизмлеринен және де белсене пайдаланыў арқалы шерикликти кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысты.

Әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм тийкарғы бағдарлар бойынша конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириўге өз-ара таярлық билдирилди.