Аўыл хожалығы Өзбекстан экономикасының таяныш тармақларынан бири болып, халықтың абаданлығын арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Мийўе-овош тараўы, өз гезегинде, аграр тараўды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары қатарына киреди. Жойбар билимлендириў, инновациялар ҳәм климатқа мөлшерленген қатнасларды енгизиў арқалы Өзбекстан ҳәм Қырғызстандағы киши фермерлердиң потенциалын арттырыўға қаратылған.

ФАО ыңғайлы ықтыярлы төлем механизми арқалы қаржыландырылған жойбар Өзбекстан ҳәм Қырғызстанда еки жыл даўамында табыслы әмелге асырылды ҳәм агроазық-аўқат системаларының пүткил шынжыры бойынша турақлы, өнимдарлы ҳәм климатқа шыдамлы әмелиятларды енгизиў бойынша киши фермерлердиң потенциалын сезилерли дәрежеде арттырыў имканиятын берди. Жойбар аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў, азық-аўқат қәўипсизлиги, экосистемаларды тиклеў, күн көриўдиң турақлы дәреклери ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў тараўындағы өз-ара байланыслы ўазыйпаларды комплексли шешиўге хызмет етти.

Жойбардың тийкарғы нәтийжелери қатарында тийкарғы мийўе-овош егинлери ушын климатқа бейимлескен технологияларды енгизиў, овош егинлери туқымгершилиги секторының өндирис ҳәм базар потенциалын беккемлеў, сондай-ақ, майда фермерлердиң өсимлик жетистириў, қосымша қун шынжырын ислеп шығыў ҳәм хожалық жүргизиў бойынша әмелий көнликпелерин раўажландырыў мәселелери бар. Соның менен бирге, миллий қәнигелескен шөлкемлердиң институционаллық ҳәм техникалық раўажланыўы сезилерли дәрежеде беккемленди.

Жуўмақлаўшы илажда Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, ФАО, дипломатиялық миссиялар, халықаралық шөлкемлер, донорлар, қаржы институтлары, фермер ширкетлери ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилердиң ўәкиллери қатнасты. Илаж ерисилген нәтийжелер ҳәм алынған сабақларды таныстырыў, сондай-ақ, климатқа бағдарланған ыссыхана ҳәм бағшылық бағдарларын кеңейтиў бойынша инвестициялық ҳәм шериклик имканиятларын додалаў ушын әҳмийетли платформа болды.

Бағдарламаға жалпы жуўмақлаўшы сессия, жаңа жойбар усынысының презентациясы, медиа имканиятлар ҳәм фотосессия, жойбар қатнасыўшыларының органикалық ҳәм климатқа бағдарланған өнимлериниң көргизбеси, техникалық додалаў сессиясы киргизилди. Көргизбе аймақларында инновациялық шешимлер, ҳаял-қызлар жетекшилигин алға қойыў бойынша басламалар, тәжирийбе майданларындағы табыслы технологиялар таныстырылды.

Илаж Өзбекстанда азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў, климат турақлылығын арттырыў ҳәм турақлы агроазық-аўқат системаларын раўажландырыўда майда фермерлер, әсиресе, ҳаял-қызлар айрықша әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте тастыйықлады.