Өзбекстан ҳәм Германия финанслық-техникалық бирге ислесиў перспективаларын додалады

    9 қазан 2025 1002

    2025-жыл 8-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде Германия Федеративлик Республикасы менен финанслық-техникалық бирге ислесиў мәселелери бойынша ҳүкиметлераралық мәсләҳәтлесиўлер болып өтти.

    Мәжилисти Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Шоҳрух Ғуломов ҳәм Германия экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў федерал министрлиги (BMZ) ўәкили Каролина Пробст басқарып барды.

    Ушырасыўда тәреплер шерикликтиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын додалап, Өзбекстан - Германия қатнасықларының стратегиялық характерин тастыйықлады. Атап өтилгениндей, KfW раўажланыў банки менен биргеликтеги жойбарлардың улыўма портфели улыўма баҳасы 3,8 миллиард евро болған 33 жойбарды өз ишине алады, соннан 280 миллион евро грант қаржылары болып есапланады. Буннан тысқары, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) менен бирге ислесиў мәмлекетлик басқарыў, билимлендириў ҳәм климат турақлылығы тараўларындағы реформаларға хызмет етпекте.

    Жойбарларды келисиў ҳәм әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларының нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан тәрепи Германияның айырым ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў бойынша басламасын унамлы баҳалады, бул жаңа бағдарламаларды енгизиўди жеделлестириў имканиятын береди.

    Мәсләҳәтлесиўлерде келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары - турақлы раўажланыў, профессионал билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў ҳәм "жасыл" энергетика тастыйықланды.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер 2026-жылы өткерилиўи режелестирилген гезектеги ҳүкиметлик сөйлесиўлерге таярлықты баслаўға келисип алды, мәсләҳәтлесиўлер Өзбекстан-Германия шериклигин және де беккемлеўде әҳмийетли қәдем болғанын атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates