Ушырасыў Германия делегациясының Өзбекстанға сапары
шеңберинде, сондай-ақ, Самарқандта өтип атырған Азия раўажланыў банкиниң
59-жыллық мәжилиси алдында болып өтти.
Тәреплер жоқары билимлендириў, илим ҳәм профессионал
билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў
перспективаларын додалады. Билимлендириў бағдарламаларын мийнет базары
талапларына бейимлестириў, әмелиятқа бағдарланған оқытыўды енгизиў,
билимлендириў, илим ҳәм өндирис арасындағы байланысларды беккемлеў мәселелерине
айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, елимизде 598 техникум жумыс алып
барып, оларда 300 ден аслам бағдар бойынша 487 мыңға шамалас студент билим
алмақта. Германия кәсиплик билимлендириў системасын раўажландырыўда мәмлекеттиң
тийкарғы стратегиялық шериклеринен бири сыпатында қаралмақта.
Бирге ислесиў шеңберинде BMZ, GIZ ҳәм KfW
Development Bankтиң қатнасыўында инфраструктураны
модернизациялаў ҳәм заманагөй оқыў-өндирислик базаларын жаратыўға қаратылған
жойбарлар әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, Германия дуал билимлендириў системасының
элементлери, соның ишинде, билимлендириў мәкемелери ҳәм кәрханалардың тығыз
интеграциясына хызмет ететуғын «Ausbildung» модели
енгизилгени атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер қоспа билимлендириў
бағдарламаларын ислеп шығыў, академиялық мобилликти раўажландырыў, қоспа
кадрлар таярлаў орайларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Германия компанияларын
билимлендириў процесине тартыўда бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенин атап
өтти.
Халықаралық мийнет базары ушын бәсекиге шыдамлы
қәнигелер таярлаў, билимлендириў стандартларын Европа Аўқамы мәмлекетлериниң
талаплары менен үйлестириў ҳәм тил үйретиўди күшейтиў мәселелери айрықша
додаланды.
Тәреплер билимлендириў ҳәм инновациялар тараўындағы
бирге ислесиўди және де тереңлестириў Өзбекстан ҳәм Германияның өз-ара
мәплерине жуўап беретуғынын атап өтти.