Тәреплер еки тәреплеме қатнасықлардың турақлы унамлы динамикасын ҳәм 2025-жылы өз-ара саўданың сезилерли дәрежеде өсиўин атап өтти. Өткен жылы Өзбекстан ҳәм Индонезия арасындағы товар алмасыў көлеми 82 процентке артқаны айрықша атап өтилди.
Сөйлесиўлерде аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын кеңейтиў, карантин ҳәм фитосанитариялық тәртип-қағыйдаларды жеделлестириў, "ҳалал" сертификатларын өз-ара тән алыў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алынды. Белгиленген илажларды әмелге асырыўдың анық механизмлерине өтиўге айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында Саўда ҳәм инвестициялар тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим және Өзбекстан ҳәм Индонезия арасында еркин саўда ҳаққындағы келисимди дүзиў бойынша сөйлесиўлерди баслаў ҳаққында министрлердиң Биргеликтеги билдириўине қол қойылды.
Тәреплер ерисилген келисимлер еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығып, узақ мүддетли, өз-ара пайдалы ҳәм системалы шерикликке қосымша пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.