Тәреплер саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеў мәселелерин додалады.
Энергетика, транспорт, логистика, фармацевтика ҳәм туризм тараўларындағы кооперацияға айрықша итибар қаратылды. Қоспа кәрханалар шөлкемлестириў ҳәм өнимлерди аймақлық базарларға алып шығыў бойынша анық басламалар көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында 2024-жылы өз-ара саўда көлеми 500 миллион АҚШ долларын қурағаны атап өтилди. 2025-жыл 1-сентябрь жағдайына бола, Өзбекстанда Иран капиталының қатнасыўында қурылыс, транспорт ҳәм фармацевтика тараўларында жойбарларды әмелге асырып атырған 222 кәрхана жумыс алып бармақта.
Ушырасыў конструктивлик руўхта өтип, еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм экономикалық байланысларды беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болды.



