Форум шеңберинде Испания аўыл хожалығы, балықшылық ҳәм азық-аўқат министри Луис Планас Пучадес пенен ушырасыў болып өтти. Тәреплер аўыл хожалығына заманагөй технологияларды енгизиў, суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў бойынша әмелий усынысларды додалады, деп хабар береди "Дунё" МА.

Өзбекстан бағшылық ҳәм овош жетистириў, әсиресе, шийе жетистириў бойынша өз имканиятларын толық көрсетип, шорланыў, суў жетиспеўшилиги ҳәм аймақтың ықлым өзгешеликлерине шыдамлы өсимлик сортларын енгизиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Испания тәрепи ноқатлы суўғарыў, CRISPR жәрдеминде селекциялаў, аграр қамсызландырыў, билимлендириў ҳәм илимий инфраструктураны раўажландырыў бағдарында өз тәжирийбеси менен бөлисиўге таяр екенин билдирди.

Сөйлесиўлерде кооперацияларды раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўди модернизациялаў ҳәм экспорт инфраструктурасын жетилистириў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алынды. Испания бизнесиниң Өзбекстан зайтун тармағына инвестиция киргизиўге қызығыўшылығына айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер, сондай-ақ, институтлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятларын додалады ҳәм болажақ мәмлекетлик сапарлар алдынан жаңа биргеликтеги басламаларды келисип алды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Испания арасындағы аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў жолында әҳмийетли қәдем болатуғын Түсинисиў меморандумына қол қойылды.