Ушырасыўда Өзбекстан - Израиль саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланды. Еки тәреплеме саўда турақлы унамлы пәт пенен раўажланып атырғаны, оны буннан былай да кеңейтиў ҳәм диверсификациялаў ушын үлкен потенциал бар екени атап өтилди.

Усы мәниде, тәреплер еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы тиккелей байланысларды жеделлестириў, тараўға байланыслы уйымлар ҳәм структуралар арасында әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Инвестицияларды тартыў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Экономиканың тийкарғы тармақларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары, сондай-ақ, Израиль компанияларының Өзбекстан аймағындағы инвестициялық жойбарларда узақ мүддетли қатнасыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў илажлары көрип шығылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўден ҳәм еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли бағдарлары бойынша конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириўден мәпдар екенин тастыйықлады.