Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер атом энергиясынан тынышлық жолында пайдаланыў тараўындағы Қазақстан-Өзбекстан бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдарларын додалады. Жиззақ ўәлаятында атом электр станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыў, регионда ядролық ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Қазақстан тәрепи Өзбекстанның 2026-жыл 7-февральда мәмлекет ушын күшке кирген Ядролық зыян ушын пуқаралық жуўапкершилик ҳаққындағы Вена конвенциясына қосылғанын жоқары баҳалады. Бул қәдем қоңсы мәмлекетлер ушын ҳуқықый кепилликлерди күшейтип, Өзбекстанның халықаралық қәўипсизлик стандартларына садықлығын тастыйықлайтуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, кадрлар таярлаў, илимий изертлеўлер өткериў, радиоэкологиялық мониторинг, экология ҳәм суў мәселелери бойынша мәлимлеме алмасыў, сондай-ақ, жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлар ҳаққында оператив ескертиў ҳәм оларға мүнәсибет билдириў механизмлерин жетилистириў тараўындағы бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.
Еки мәмлекеттиң тийисли уйымлары арасындағы бирге ислесиўдиң турақлы жумыс каналын қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Тәреплер атом энергетикасы бойынша регионаллық компетенциялар орайы шеңберинде кооперацияны раўажландырыў, соның ишинде, қоспа билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, стажировкаларды шөлкемлестириў ҳәм эксперт мәсләҳәтлерин өткериўден өз-ара мәпдар екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында конструктивлик сөйлесиўди, соның ишинде, Қазақстан Атом энергиясы агентлиги ўәкиллериниң 2026-жылдың үшинши-төртинши шерегинде "Узатом"ға режелестирилген әмелий сапары даўамында даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан регионаллық энергетикалық қәўипсизликти беккемлеў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў жолында ашық-айдынлық ҳәм өз-ара исеним принциплерине садық екенин тастыйықлады.