Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатыў ҳаққындағы қоспа коммюникеге қол қойды.
Бахтиёр Саидовтың атап өткениндей, Кения Африканың ең жедел раўажланып атырған экономикаларынан бири, сондай-ақ, технологиялар ҳәм инновациялар орайы сыпатында әжайып раўажланыўды көрсетпекте.
Тәреплер кең көлемли мәселелерди додалап, байланысларды беккемлеў ҳәм еки мәмлекет халықлары ушын әмелий пайда келтириўге қаратылған өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенлигин билдирди.