Латвия делегациясының сапары шеңберинде Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Латвия транспорт министри Атис Швинк пенен сөйлесиўлер өткерди. Сондай-ақ, еки мәмлекеттиң мәмлекетлик структуралары ҳәм исбилермен топарлары ўәкиллериниң қатнасыўында Өзбекстан-Латвия ҳүкиметлераралық комиссиясының 9-мәжилиси ҳәм Өзбекстан-Латвия бизнес-форумы болып өтти.

Тәреплер бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын, санаат кооперациясын раўажландырыў, Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасында транспорт-логистика жөнелислерин кеңейтиў, санлы технологиялар, агросанаат ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўди додалады.

2025-жылдың жуўмақларына бола, мәмлекетлер арасындағы товар алмасыў көлеми 273,2 миллион долларды қурады. Өз-ара саўда көлемин орта мүддетли келешекте 500 миллион долларға жеткериўге таярлық билдирилди.

Илажлар жуўмағында Өзбекстан-Латвия ҳәм Латвия-Өзбекстан исбилерменлер бирге ислесиў кеңеслериниң жумысын қайта тиклеў ҳаққындағы меморандумға ҳәм Экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша Ҳәрекетлер режесине қол қойылды.

Буннан тысқары, В2В форматында сөйлесиўлер өткерилип, логистика, санаат, агросанаат ҳәм санлы экономика тараўларында биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў бойынша келисимлерге ерисилди.