Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, "Денсаўлықты сақлаў жойбарлары орайы" Жойбарлаў офиси, Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядролық қәўипсизлик бойынша комитет, Илимлер академиясының Ядро физикасы институты, "Радиопрепарат" мәмлекетлик кәрханасы, елимиздиң жетекши медицина орайларының ўәкиллери, сондай-ақ, "Росатом Технология Сооружения" дивизионының экспертлери қатнасты.

Россия тәрепи ядролық медицинаның заманагөй инфраструктурасын жаратыў, соның ишинде, циклотрон комплекслер, радиофармпрепаратлар ислеп шығарыў, ПЭТ/КТ диагностика орайлары, сондай-ақ, табыслы халықаралық жойбарларды таяр ҳалда әмелге асырыў тәжирийбесин усынды.

Мәжилис жуўмағында тәреплер Өзбекстанда ядро медицинасын раўажландырыў бойынша "жол картасы" ҳәм стратегиясын биргеликте ислеп шығыўға келисип алды. Бул ҳүжжетлер технологияларды жеткерип бериў, қәнигелер таярлаў ҳәм медициналық жәрдем сапасын арттырыўға тийкар болады. Жойбар онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм ядролық технологиялар тийкарында заманагөй емлеў усыллары есабынан олардың дәрежесин сезилерли дәрежеде азайтыў имканиятын береди.

Бул баслама Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен жедел қоллап-қуўатланбақта. Оның басшылығында Ташкентте Ядро медицинасы орайының жойбары әмелге асырылмақта: 2026-жылы ПЭТ/КТ, циклотрон, радиофармлаборатория, гамма-пышақ ҳәм киберпышақ пенен тәмийинлеў режелестирилген. Сондай-ақ, онкологиялық жәрдем раўажланбақта, рак кеселлигин ерте анықлаў ҳәм кадрлар таярлаўдың заманагөй стандартлары енгизилмекте, жоқары технологиялы медициналық жәрдемнен пайдаланыў имканиятын арттырыў ҳәм аўыр кеселликлердиң алдын алыў бойынша Россия ҳәм "Росатом" менен шериклик беккемленбекте.

"Узатом" агентлиги алдынғы технологияларды енгизиў, онкологиялық кеселликлерди заманагөй диагнозлаў ҳәм емлеў имканиятларын кеңейтиў арқалы елимизде ядро медицинасы раўажланыўын қоллап-қуўатлаўда даўам етпекте.