Өзбекстан ҳәм Монголия: жүнди қайта ислеў бойынша жойбарлар әмелге асырылады

    Бизнес 16 қыркүйек 2025 395

    "Ўзчармсаноат" ассоциациясында Монголия аўыл хожалығы министри басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.

    Тәреплер жүнди қайта ислеў тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады. Сондай-ақ, Өзбекстанның кәрханалары менен биргеликте қәнигелер таярлаўға да итибар қаратылды.

    Монголия делегациясы Өзбекстанда сырт ел инвесторлары ушын жаратылған шараятлар, соның ишинде, шийки зат базасы, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери менен толық танысты.

    Келисимлер шеңберинде Монголия компанияларының ўәкиллери октябрь айында Ташкентте болып өтетуғын «UzCharmExpo-EurAsia-2025» халықаралық көргизбесинде қатнасады.

    Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды. Ҳүжжетке муўапық, Өзбекстанда монгол қойларының жүнинен ийирилген жип ислеп шығарыў жолға қойылады, сондай-ақ, «Gobi» бренди ҳәм басқа да халықаралық компаниялар ушын таяр өним ислеп шығарыў бойынша шийки зат базасы ҳәм өндирис қуўатлықлары шөлкемлестириледи.

    Бул келисим еки мәмлекет ушын жүн ҳәм оннан таярланатуғын өнимлерди ислеп шығарыў тараўында жаңа бағдар ашып, экспорт имканиятларын кеңейтеди ҳәм исбилерменлик шериклигин беккемлейди.