Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер еки тәреплеме тийкарда базарларды басқышпа-басқыш ашыў ҳәм еки мәмлекет өнимлериниң өз-ара кирип барыўын кеңейтиў мәселелерине тоқтап өтти.

Сөйлесиўлер өткен жылы декабрь айында Парагвай Президентиниң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўында ерисилген келисимлердиң даўамы болды. Сол ўақытта Латын Америкасы ҳәм Орайлық Азия арасында саўда, инвестиция, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларындағы байланысларды беккемлеў бағдары белгиленген еди.

Сондай-ақ, инвестициялар ҳәм заманагөй технологияларды тартқан ҳалда пайдалы қазылмаларды излеў ҳәм өзлестириў тараўындағы бирге ислесиў перспективалары, биргеликтеги жойбарларды баслаў ҳәм узақ мүддетли шерикликти қәлиплестириў ушын тийисли уйымлар ҳәм исбилермен топарлар арасындағы байланысларды раўажландырыў мәселелери додаланды.