Ушырасыўда Өзбекстан менен Корея арасындағы экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да жеделлестириў, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, Корея Республикасының абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелеринде өзбек тилин үйрениў жолға қойылғаны айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының ушырасыў форматы исенимли сөйлесиўдиң нәтийжели майданы сыпатында өзин көрсеткени атап өтилди.
Тәреплер Ташкент қаласында болып өтетуғын гезектеги мәжилис шеңберинде әмелий ҳәм нәтийжели келисимлерге ерисиў мәселелери бойынша пикир алысты. 2023-жыл сентябрь айында Сеулде ҳәм 2024-жыл октябрьде Ашхабадта болып өткен ушырасыўлар бул форматқа талап жоқары екенин айқын көрсеткени атап өтилди.
Сөйлесиўде барлық дәрежелерде жедел парламентлераралық сөйлесиў жолға қойылғаны айрықша атап өтилип, Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының бир қатар комитетлери басшылары дәрежесиндеги делегациялардың усы жылы Өзбекстанға сапары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Сондай-ақ, парламенттеги дослық топарларының жумысы өз-ара сөйлесиўди муўапықластырыў ҳәм әмелий нәтийжелиликти арттырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.
«KOICA» менен биргеликте Өзбекстанда "электрон парламент" системасын енгизиў жойбары әмелге асырылып атырғаны жоқары баҳаланды. Бул жойбар нызам дөретиўшилиги процесин жетилистириў ҳәм парламент жумысының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Тәреплер парламентлераралық бирге ислесиўди және де тереңлестириўге таяр екенин тастыйықлады.
Ушырасыў соңында Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Баслығы У Вон Сик Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба қалдырды.