Сөйлесиўде еки мәмлекетте әмелиятта қолланылып атырған киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў механизмлери додаланды.
Өзбекстан компаниялары ҳәм россиялы шериклер арасындағы исбилерменлик байланысларын кеңейтиў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм кооперацияның жаңа бағдарларын қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер бизнес субъектлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан киши бизнес ассоциациясы ҳәм Россия киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў корпорациясы арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Бул ҳүжжет еки мәмлекет исбилерменлери ушын жаңа имканиятлар ашып, келешектеги шерикликтиң ҳуқықый тийкарларын беккемлейди.
Тәреплер сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм келисилген бағдарлар бойынша әмелий жумысларды баслаўға келисип алды.